Педагоглардың кәсиплик потенциалын раўажландырыўда бирге ислесиўдиң әҳмийети кеңеймекте

Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнология университетиниң Нөкис филиалында Министрлер Кеңеси тәрепинен тастыйықланған медиа-реже тийкарында “Оқытыўшылардың потенциалын арттырыў” атамасында ашық сәўбетлесиў шөлкемлестирилди.
Онда филиал басшылары, профессор-оқытыўшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Илажда филиалда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм педагоглардың илимий ҳәм кәсиплик потенциалын раўажландырыўға қаратылған системалы илажлар кең түрде додаланды.
Атап өтилгениндей, қоңсы Қазақстан ҳәм Қырғызстан мәмлекетлериниң абырайлы жоқары билимлендириў мәкемелери менен дүзилген шәртнамаларға тийкарланып филиалға тартылған жоқары маманлықтағы оқытыўшылар сабақ процесслеринде белсене қатнаспақта. Бул процесс студентлердиң билим көлемин кеңейтиў ҳәм педагоглардың потенциалын арттырыўда әҳмийетли қәдем болып есапланады.
Филиал оқытыўшыларының усы жоқары оқыў орынларына барып, илимий ҳәм кәсиплик тәжирийбе арттырып қайтқаны да айрықша атап өтилди. Соның менен бирге, Қытай, Россия ҳәм Түркияның белгили профессорлары да онлайн лекциялар арқалы студентлерге сабақ өтип атыр. Булар педагоглар ҳәм студентлер ушын пикир алысыў имканиятын кеңейтип, билимлендириўде ашық-айдынлықты тәмийинлемекте.
Бундай илажлар филиалда билим ҳәм тәжирийбе алмасыў, педагоглардың потенциалын арттырыў ҳәм студентлерди заманагөй және халықаралық стандартларға муўапық таярлаўға хызмет етпекте.




Илажда ҒХҚ ўәкиллери өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги