Суўды үнемлеў ҳәм санлы мониторинг: Өзбекстан дурыс жолда бармақта

Мине, бир неше жылдан берли Өзбекстан Суў хожалығы министрлиги менен бирге ислесип киятырман ҳәм усы ўақыт ишинде тараўда әмелге асырылып атырған реформаларды өз көзим менен көрип киятырман. Ҳәттеки, айырым процесслерде жеке өзим қатнасқанман. Соңғы 25 жыл даўамында Халықаралық суў ресурсларын басқарыў институты оған мүнәсип үлес қосты.

Егер алдын ҳүкимет тийкарынан инфраструктураны сақлаўға итибар қаратқан болса, бүгинги күнде қатнас түпкиликли өзгерди – суўды үнемлеў, есабын жүргизиў ҳәм басқарыўды санластырыў биринши орынға шықты. Көринип турғанындай, бул өзгерислер әмелде де сезилерли нәтийжелер бермекте.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң жақында қабыл етилген қарары, мениңше, мине усы процесстиң логикалық даўамы болып табылады. Атап айтқанда, 2026-2028-жылларда суўды үнемлейтуғын технологиялардың қамтып алыўын 3,5 миллион гектарға жеткериў мақсети оғада әҳмийетли қәдем болып есапланады. Бул көрсеткиш тек ғана аўыл хожалығы нәтийжелилигин арттырып қоймастан, ал суў ресурсларына болған басымды азайтыўға жәрдем береди. Буннан тысқары, ҳәр жылы миллиардлаған куб метр суўды үнемлеў режеси жәҳән стандартлары бойынша да жақсы нәтийже.
Мениңше, бул қарардың ең күшли тәреплеринен бири сонда, онда экономикалық инструментлер анық белгилеп қойылған. Фермер ҳәм исбилерменлерди кредит ҳәм субсидиялар арқалы қоллап-қуўатлаў, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў реформалардың әмелде тезирек нәтийже бериўин тәмийинлейди. Бундай механизмлер климат шараяты уқсас болған ҳәм өзин ақлаған басқа мәмлекетлерде де қолланылады.
Сондай-ақ, қарарда суўды есапқа алыў ҳәм қадағалаў системаларын санластырыў, соның ишинде, “ақыллы” суў өлшеў ҳәм есапқа алыў қурылмаларын енгизиў, GPS бақлаў системаларын кеңейтиў ҳәм мониторингтиң кеңирек механизмлерин енгизиў бойынша илажлар нәзерде тутылғаны оғада әҳмийетли болып есапланады. Заманагөй суўғарыў менеджментиде реал ўақыт режиминде мағлыўматларды жыйнаў ҳәм таллаў ресурсларды үнемлеўдиң ең нәтийжели усылларынан бири болып есапланады.
Соның менен бирге, қарарда кадрлардың маманлығын арттырыў, билимлендириў мәкемелери ҳәм илимий-изертлеў шөлкемлери менен бирге ислесиўди күшейтиўге байланыслы қағыйдалар айрықша итибарға ийе. Себеби, суў хожалығындағы реформалар тек ғана технология ямаса инфраструктура емес, ал тәжирийбели қәнигелерди таярлаў арқалы да турақлы нәтийжелерге алып келеди.
Бақлаўларымнан келип шығып айтыўым керек, Өзбекстанда суў хожалығы тараўындағы реформалар басқышпа-басқыш ҳәм системалы түрде әмелге асырылмақта. Инфраструктураны модернизациялаў, қадағалаў ҳәм мониторингти күшейтиў, финанслық хошаметлеў механизмлерин енгизиў ҳәм санластырыўды алға қойыў бир ўақыттың өзинде халықаралық әмелиятта “суў ресурсларын комплексли басқарыў” принциплерине толық сәйкес келеди. Сонлықтан, әмелге асырылып атырған жумыслар тек ғана қағазда емес, ал реал турмыста да өз нәтийжесин бермекте, деп айтыў мүмкин.
Келеси жылы реформалар жолын табыслы даўам еттириў ушын муғдарлық қатнастан “ақыллы” хошаметлеў, сапа қадағалаўы ҳәм турақлы раўажланыў системасына өтиўге және де көбирек итибар қаратыў зәрүр. Сонда ғана Өзбекстан жақын жылларда суў ресурсларын нәтийжели басқарыў ҳәм ирригацияны модернизациялаў бойынша регионның үлгили тәжирийбесине ийе мәмлекетлерден бирине айланатуғынына исенемен. Бул, өз гезегинде, тек ғана экономикалық нәтийжелилик емес, ал азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм экологиялық турақлылықты тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болады.
Барбара Януш-Павлетта,
Халықаралық суў ресурсларын басқарыў институты
Орайлық Азия бойынша регионаллық ўәкили.
ӨзА