Уллы шайырдың мийрасы еске алынды

Елимизде уллы шайыр, өзбек әдебиятының уллы тулғаларының бири Әлийшер Наўайы туўылған күниниң 585 жыллығы кеңнен белгиленбекте.
Усы мүнәсибет пенен Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында да “Уллы шайыр мийрасынан сабақ: руўхыйлық ҳәм қәдириятлар” атамасында руўхый-ағартыўшылық илажы шөлкемлестирилди.
Илаждың тийкарғы мақсети – жасларды Әлийшер Наўайы дөретиўшилиги менен жақыннан таныстырыў, олардың руўхый-әдеп-икрамлылық көзқарасын байытыў ҳәм руўхый жетиклигин қәлиплестириўден ибарат.
Илажда филиал басшылары, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Илаж даўамында Наўайы дөретиўшилигиниң жаслар тәрбиясындағы орны, олардың руўхый-әдеп-икрамлылық қәдириятларын қәлиплестириўдеги әҳмийети кеңнен көрсетип өтилди.
Илаждың мийманы сыпатында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Өзбек тил билими кафедрасының доценти, филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) О.Абдуллаев қатнасып, шайырдың өмири, дөретиўшилиги ҳәм миллий мәдениятымызға қосқан үлеси ҳаққында баянат жасады.

Илажда шайырға бағышланған қосықлар оқылып, сәўбетлесиўлер өткерилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги