Шайырдың  110 жыллығына бағышланды

24

Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде Қарақалпақстан халық шайыры  Байнияз Қайыпназаровтың  110 жыллығына бағышланған “Гүллерге шайда болған шайыр” атамасында әдебий кеше  өткерилди.

Онда университеттиң профессор–оқытыўшылары, студент-жаслар ҳәм лицей оқыўшылары қатнасып, Б.Қайыпназаровтың өмири ҳәм дөретиўшилик жумыслары туўралы баҳалы мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, Б.Қайыпназаров 1916-жылы ррррррррРрррллл6ешелрпп      Шымбай районында туўылған. Ол 1939-жылы Төрткүлдеги муғаллимлер институтын питкерип, 1939-1941-жыллары аўылда муғаллим, 1941-1944-жыллары екинши дүнья жүзилик урыста болады.

Урыстан қайтып келип, 1944-1946-жыллары муғаллимлик жумысын даўам етеди. 1951-1956-жыллары Москвадағы әдебият институтын  питкергеннен соң “Әмиўдәрья” журналының бас редакторы, бөлим баслығы, ҳүрметли дем алысқа шығаман дегенше “Қарақалпақстан” баспасында аға редактор болып жумыс ислеген.

Б.Қайыпназаровтың «Қосықлар» (1940), «Халыққа хызмет қыламан» (1942), «Көк емен” (1956), “Қызыл гүл” (1958), «Алтын гүз» (1959), “Сүй достым” (1962), “Мениң бахтым” (1966), “Еки аяз” (1970), “Нәрўан” (1972), “Гүлдәсте” (1981), “Мен сениң бир шақаңман” (1977) ҳәм басқа да отызға шамалас поэзиялық топламлары ҳәм шығармаларының  жыйнағы бир неше мәрте қарақалпақ, рус, өзбек тиллеринде басылып шықты.

Б.Қайыпназаров биринши дәрежели “Ўатандарлық урыс ордени” ҳәм медалы,  Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңесиниң Ҳүрмет жарлықлары,  “Қарақалпақстан халық шайыры” ҳүрметли атақларына ийе еди.

Илажда Б.Қайыпназаровтың нама қосықларынан атқарылып, жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги