Өзбекстанда электрон-скоринг системасы иске қосылады

9

Елимизде жергиликли өндиристи қоллап-қуўатлаў, санаат кооперациясын жаңа система тийкарында раўажландырыў ҳәм мәмлекетлик сатып алыўлардың нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған избе-из реформалар алып барылмақта.

Атап айтқанда, Президентимиздиң усы жыл 4-февральда “Жергиликли өндирис ҳәм санаат кооперациясын жаңа система тийкарында раўажландырыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында”ғы пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға бола, Санаат кооперациясы ҳәм мәмлекетлик сатып алыўлар агентлиги, Санаат кооперациясы ҳәм мәмлекетлик сатып алыўлар агентлиги басқарыў кеңеси шөлкемлестириледи. Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң мәмлекетлик сатып алыўлар тараўындағы ўазыйпа, функция ҳәм ўәкилликлери Агентликке өткериледи.

2026-жыл 1-июльден баслап, Агентлик республика ҳәм регион базарын таллап, миллий экономикаға қосылатуғын қун шынжырларын арттырыўға хызмет ететуғын өзлестириў усыныс етилетуғын бәсекиге шыдамлы өнимлердиң дизимин тараўлар кесиминде басқышпа-басқыш қәлиплестиреди ҳәм жәриялап барады.

Өзлестириў усыныс етилетуғын бәсекиге шыдамлы өнимлер дизимине киргизилген өнимлерди өзлестирген исбилерменлер менен белгиленген тәртипте кепилликли сатып алыў шәртнамалары дүзиледи.

Исбилерменлик субъектлериниң турақлылық рейтингин қәлиплестириўде өнимлерди ислеп шығарыўда жаратылған қосымша қун үлеси қосымша балл беретуғын көрсеткишлерге киргизиледи.

Пәрманға бола, 2027-жыл 1-январьдан, киши ҳәм орта исбилерменлик субъектлериниң мәмлекетлик сатып алыўлардағы қатнасын кеңейтиў мақсетинде мәмлекетлик сатып алыўларда сатып алыў предметин технологиялық шынжырлар, функционаллық басқышлар ҳәм жумыс түрлери кесиминде айрықша лотларға бөлиў әмелияты енгизиледи.

Корпоратив буйыртпашыларда “профессионал қарыйдар” сертификатына ийе қәнигелер болмаған жағдайда, 2028-жыл 1-январьдан баслап олар мәмлекетлик сатып алыўларда қатнасыўы қадаған етиледи.

Сондай-ақ, 2026-жыл 1-июльден дәлдалшы-брокер ҳәм (ямаса) дилерлерге ислеп шығарыўшылар менен шәртнама дүзиў арқалы олар тәрепинен ислеп шығарылған өнимлерди мәмлекетлик сатып алыўларда сатыў ҳуқықы бериледи.

2026-жыл 1-апрельден баслап бюджет буйыртпашыларының мәмлекетлик сатып алыўлары шеңберинде сырт елли жеткерип бериўшилер менен бир қатарда жергиликли ислеп шығарыўшылар қатнасқанда оларға усыныс етилген ең төмен импорт товарлардың баҳасынан төмендеги муғдарларда баҳа преференциясы бериледи. 3 ҳәм оннан артық жергиликли ислеп шығарыўшы қатнасқан жағдайда 15 процент, 2 жергиликли ислеп шығарыўшы қатнасқан жағдайда 12 процент, 1 жергиликли ислеп шығарыўшы қатнасқан жағдайда 8 процент муғдарында преференция бериледи.

Пәрманға бола, 2026-жыл 1-сентябрьден мәмлекетлик сатып алыўлар арнаўлы мәлимлеме порталында сатып алыў тәртип-қағыйдалары қатнасыўшысының жумысын уйымлараралық мәлимлеме алмасыўы арқалы автомат түрде баҳалаў имканиятын беретуғын электрон-скоринг системасы иске қосылады.

Онда электрон-скоринг системасы жәрдеминде қатнасыўшылардың мәмлекетлик сатып алыўлардағы “жоқары”, “орташа”, “төмен” ҳәм “ең төмен” исенимлилик дәрежелери бериледи.

Жоқарыдағылар тийкарында төмендеги қоллап-қуўатлаў илажлары көриледи. Атап айтқанда, “жоқары” исеним дәрежесине ийе қатнасыўшылар ушын гиреў төлеў талап етилмейди. Ең жақсы усынысларды таңлап алыў ҳәм тендер саўдаларында қатнасыўшылар тәрепинен усынылған усынысларға исенимлилик дәрежесине сәйкес түрде қосымша балл бериледи.

Мәмлекетлик сатып алыўлар тараўында “ең белсенди исбилермен” таңлаўында мәмлекетлик сатып алыўлардағы исенимлилик дәрежеси “жоқары” болған мәмлекетлик сатып алыўлар қатнасыўшыларының талабанлары қоллап-қуўатланады.

Сондай-ақ, мәмлекетлик сатып алыўлардағы исенимлилик дәрежеси “төмен” ҳәм “ең төмен” болған қатнасыўшылардың сатып алыў тәртип-қағыйдаларында қатнасыўына руқсат берилетуғын мәмлекетлик сатып алыўлардың жоқары баҳасына салыстырғанда нормалар белгиленеди.

Бийпул онлайн оқыў курслары арқалы маманлығын арттырыў әмелияты жолға қойылады.

Ш.Маматуропова, ӨзА