Метан заправкалар әдеттеги жумыс ўақтына қайтады
6

Метан заправкалар әдеттеги жумыс режимине қайтады.
11-февраль күни саат 09:00 ден баслап барлық аймақларда, метан заправкалар басқышпа-басқыш әдеттеги режимде жумыс баслайды. Бул ҳаққында Энергетика министрлиги хабар берди.
Еслетип өтемиз, 20-январьдан баслап заправкалар жабылған еди. Бираздан кейин оларға саат 10:00 ден 16:00 ге шекем ислеўге руқсат берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги