Өзбекстан Президенти АИИБ менен стратегиялық шерикликтиң тийкарғы бағдарларын белгилеп берди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 10-февраль күни Азия инфраструктуралық инвестициялар банкиниң президенти Цзоу Цзяи басшылығындағы делегацияны қабыллады.
Ушырасыў алдынан мәмлекетимиз жетекшиси усы абырайлы көп тәреплеме қаржы институтының басшысын лаўазымға кирискени менен қызғын қутлықлады.

Өзбекстанның Азия инфраструктуралық инвестициялар банки менен стратегиялық шериклигин кеңейтиўдиң әмелий мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.
Соӊғы жылларда банк пенен көп тәреплеме бирге ислесиў жедел раўажланбақта. Әмелдеги ҳәм перспективалы биргеликтеги жойбарлар портфели 7 миллиард доллардан артты. Өткен жылдың өзинде қаржыландырыў көлеми 1 миллиард доллардан асламды қурады.

Өзбекстан Президенти жеке меншик сектор, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын ислеп шығыў ҳәм алға қойыў, кәмбағаллықты қысқартыў бағдарламасын әмелге асырыўға жәрдемлесиў, альтернатив энергетика, энергия нәтийжелилиги, суў тәмийнаты, социаллық хызметти раўажландырыў сыяқлы әҳмийетли тараўларда нәтийжели бирге ислесиўди кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.

АИИБниң регионаллық әҳмийетке ийе ири инфраструктуралық жойбарларда белсене қатнасыўы әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Өз гезегинде, Цзоу Цзяи мәмлекетимиздеги өзгерислердиң көлемин жоқары баҳалап, Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар бағдарламасын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўды даўам еттириўге таяр екенин билдирди.
ӨзА