Бензин ушын төленетуғын компенсация муғдары және арттырылды

13

Хабарыңыз бар, нызамшылыққа муўапық айырым категориядағы шахсларға автомобиль бензинин сатып алыў қәрежетлериниң бир бөлеги айлық пул компенсациясы сыпатында төлеп бериледи.

Ҳүкимет жанындағы Уйымлараралық тариф комиссиясының қарары менен усы түрдеги компенсацияның жаңа муғдары белгиленди.

Оған бола, усы ўақытқа шекем 130 600 сумнан төленип киятырған компенсация муғдары 2026-жылдың I шерегинен баслап 208 760 сумды қурайды.

ӨзА