ФАКТЧЕКИНГ: Қараўсыз қалған ҳайўанларға жуўапкер хызмет бар

10

Социаллық тармақларда “Yoshlar телеканалының “Rostini ayting ток-шоусынан қысқартып алынған көринисте көрсетиў қатнасыўшысы тәрепинен ийесиз үй ҳайўанларын тутыў, сақлаў ҳәм олар ушын приютлар шөлкемлестириў жумысларына Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети жуўапкер екени атап өтилген.

ӨзАның хабаршысы бул хабарды факт-чекинг, яғный толық тексериў ушын комитет жуўапкерлери менен байланысып, нормативлик ҳүжжетлерди үйренип шықты. Нормативлик ҳүжжетлерге бола, мәмлекетимизде қараўсыз қалған ҳәм адасқан ҳайўанларды қадағалаў ҳәм олар менен тиккелей ислесиў бойынша жуўапкер мәмлекетлик уйым бар.

Яғный, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2011-жыл 8-июльдеги “Қараўысыз қалған ҳайўанларды тутыў ҳәм сақлаў менен байланыслы хызметлердиң жумысын жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы қарарына муўапық қараўсыз қалған ямаса қаңғыған ҳайўанларды тутыў ҳәм сақлаў менен байланыслы хызметлердиң жумысын алып барыў ушын қала ҳәм район ҳәкимликлериниң абаданластырыў басқармалары жанында қараўсыз қалған ҳайўанларды тутыў бөлимлери шөлкемлестирилген.

Қарарға бола, қараўсыз қалған ҳайўанларды тутыў бөлимлери ийесиз ийт, пышық ҳәм жыртқыш ҳайўанларды тутыўды шөлкемлестиреди, сондай-ақ, оларды ўақтынша сақлаў ушын арнаўлы орынлар қурады.

Ҳайўанлар қутырған жағдайда тийисли ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлимлери менен биргеликте жумыс алып барады.

Соның менен бирге, өлген ҳайўанларды ветеринария-санитария қағыйдаларына әмел еткен ҳалда зыянсызландырыў жумыслары қалалық ҳәм районлық абаданластырыў басқармалары жанындағы қараўсыз қалған ҳайўанларды тутыў бөлимлериниң тийкарғы ўазыйпасы етип белгиленген.

Ҳамроз Баянов,

ӨзА