Европа Өзбекстанның техникалық тәртипке салыў тараўындағы реформаларын унамлы баҳаламақта

36

Өзбекстанда техникалық тәртипке салыў, стандартластырыў, муўапықлықты баҳалаў ҳәм метрология тараўларында әмелге асырылып атырған реформалар халықаралық көлемде, соның ишинде, Европа мәмлекетлери тәрепинен унамлы баҳаланбақта.

Кейинги жыллары бул бағдарларда системалы реформалар әмелге асырылып, тараўды модернизациялаў, миллий стандартларды халықаралық ҳәм Европа стандартларына бейимлестириў, сондай-ақ, сапа инфраструктурасын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Европа Аўқамының институтлары ҳәм халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиў избе-из жолға қойылып, тәжирийбе алмасыў, техникалық жәрдем көрсетиў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў нәтийжели түс алмақта.

Әсиресе, өним ҳәм хызметлердиң сапасын арттырыў, экспорт потенциалын кеңейтиў, тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм базар қадағалаўы механизмлерин жетилистириў бойынша ерисилип атырған нәтийжелер Европа экспертлери тәрепинен тән алынбақта. Муўапықлықты баҳалаў уйымларының жумысын халықаралық талапларға бейимлестириў, лабораторияларды аккредитациялаў ҳәм метрологиялық қадағалаўды күшейтиў арқалы мәмлекеттиң техникалық инфраструктурасы сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилип атырғаны атап өтилмекте.

Бул реформалар Өзбекстанның халықаралық саўда системасындағы орнын беккемлеў, Европа базарларына шығыў имканиятларын кеңейтиў ҳәм инвестициялық тартымлылықты арттырыўға хызмет етпекте.

 

ӨзА