Әдиллик – инсан зийнети: Наўайы ҳәм Бабур мийрасы бүгинги суд системасы нәзеринде

Февраль айы халқымыздың руўхый турмысында айрықша орын ийелейди. Себеби, 9-февраль күни уллы ойшыл ҳәм мәмлекетлик ғайраткер Әлийшер Наўайы, 14-февраль күни болса патша ҳәм шайыр, уллы сәркарда Заҳириддин Муҳаммед Бабур туўылған.
Усы сәне мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судында руўхый-ағартыўшылық сааты шөлкемлестирилди. Оған судьялар, суд аппараты хызметкерлери, алымлар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Илажды Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының баслығы М.Ешимбетов ашты ҳәм уллы ата-бабаларымыздың бийтәкирар дөретиўшилиги, олар жаратқан шығармалар арадан әсирлер өтиўине қарамастан бүгинги күни де өз әҳмийетин жоғалтпаған бийбаҳа руўхый мийрас екенин айрықша атап өтти. Сондай-ақ, олардың әдиллик, ҳадаллық, адамгершилик ҳәм нызам үстинлигине байланыслы идеялары заманагөй суд системасының жумысы ушын әҳмийетли мәнаўий қолланба болып хызмет етип атырғанын атап өтти.
Илажда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң филология илимлери бойынша философия докторы, доцент Латофат Тожибоева баянат жасап, Наўайы ҳәм Бабур мийрасының әдиллик, ҳадаллық ҳәм адамгершилик идеялары менен қаншелли бай екенлигин олардың шығармаларындағы мазмунлы мысаллар арқалы сәўлелендирип берди.
Атап өтилгениндей, Әлийшер Наўайы “Әдиллик пенен әлем абат” деген идеяны алға қойып, әдилликти жәмийет раўажланыўының ең тийкарғы шәрти сыпатында көрген. Оның шығармаларында басшы шахс ҳадал, ҳүжданлы ҳәм халықтың дәртине бийпарық болмаўы керек екенлиги қайта-қайта атап өтиледи. Наўайы ушын әдиллик — тек ҳуқықый түсиник емес, ал инсан зийнети, руўхый пәклик өлшеми.
Заҳириддин Муҳаммед Бабур болса, өзиниң “Бабурнама” шығармасында әдил басқарыў, ҳақыйқатлық ҳәм инсап ҳаққында терең пикирлер билдирген. Ол зулымлықты қаралап, мәмлекеттиң беккем күш-қүдирети әдилликке байланыслы екенин атап өтеди. Бабур көзқарасларында инсан ар-намысы ҳәм қәдирин сақлаў — ҳәр қандай ҳүкимниң тийкарғы өлшеми сыпатында көзге тасланады.
Илаж даўамында қатнасыўшылар уллы бабаларымыз мийрасындағы ҳуқықый ҳәм әдеп-икрамлылық көзқараслар бүгинги суд-ҳуқық реформалары менен үнлес екенин айрықша атап өтти. Заманагөй суд системасының тийкарғы мақсети де — нызам үстинлигин тәмийинлеў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў, жәмийетте әдиллик орталығын еле де беккемлеўден ибарат.
Қызғын сораў-жуўаплар ҳәм пикир алысыўлар менен даўам еткен илажда қатнасыўшылар тәрепинен әдиллик ҳәм ҳадаллық принциплери судья ҳәм суд хызметкерлериниң хызметинде ең тийкарғы өлшем ҳәм қәдирият екени атап өтилди.

Жуўмақлап айтқанда, бундай ағартыўшылық илажлар тек ғана тарийхый мийрасымызды терең аңлаў емес, ал ҳәр бир хызметкердиң кәсиплик жуўапкершилигин ҳәм руўхый үйлесимлилигин және де беккемлеўге хызмет етеди.
Өйткени, әдиллик – бул тек ғана суд қарарларында емес, ал бәринен бурын инсан қәлбинде қәлиплеседи. Наўайы ҳәм Бабурдың мийрасы болса, мине усы әдил жүректи тәрбиялайтуғын ҳақыйқый мәнаўият мектеби.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы