Ҳүжжетсиз турақ жайларға ҳуқықый шешим (+видео)

16

Өзбекстанда ҳүжжетсиз жер участкалары ҳәм турақ жайларды легалластырыў, мүлк ҳуқықларын тән алыў бойынша кең көлемли хатлаў жумыслары даўам етпекте. Амнистия жәрияланған нызам шеңберинде өзбасымшалық пенен ийеленген жерлер, сондай-ақ, ҳүжжетлери толық болмаған турақ жайларға ҳуқықый шешимлер белгиленбекте.

Бул процесс пуқаралар арасында бир қатар сораўларды күн тәртибине шығарды. Атап айтқанда, артықша жер майданы бар болған жағдайлар, ҳүжжетлер жоғалған ямаса улыўма рәсмийлестирилмеген мүлклерге болған ҳуқықларды тиклеў, сондай-ақ, қоңсылар арасындағы жер шегараларын белгилеў мәселелери халықты қызықтырмақта.

Усы ҳәм басқа да әҳмийетли сораўларға жуўап алыў мақсетинде Кадастр агентлиги бас қәнигеси Бекзод Отабеков пенен сәўбет шөлкемлестирилди.

– Нызам шеңберинде қайсы жағдайларда жер участкаларына ҳуқық тән алынады?

– Нызамға муўапық, егер аймақларда 1998-жыл 1-июльге шекем жер участкалары шегаралары ийелеп алынғанлығы анықланса, 24 сотыхқа шекемги жерлерге ҳуқық берилиўи мүмкин. Сондай-ақ, 2018-жыл 1-майға шекем жер участкаларының шегаралары ийелеп алынған болса, Ташкент, Нөкис ҳәм ўәлаят орайларында 12 сотыхқа шекем, районларда болса 6 сотыхқа шекемги жер майданларына болған ҳуқықларды тән алыў нәзерде тутылған.

– Ҳүжжетсиз турақ жайда жасап атырғанлар өз мүлкин нызамластыра ала ма?

– Аўа, бүгинги күнде бундай имканият бар. Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкалары және оларда қурылған имаратлар ҳәм объектлерге болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында ӨРН-937-санлы Нызам қабыл етилген. Усы нызамның 1-статьясында нәзерде тутылған жағдайлар ҳәм категориялар бойынша жер участкалары ҳәм имарат-объектлерге мүлк ҳуқықы тән алынады.

– Артықша жери бар пуқаралар жерден айрылып қалмай ма?

– Жоқ. Егер ҳуқық тән алынған жер участкасынан артықша жер майданы анықланса, нызамның 12-статьясына тийкарланып бул артықша бөлек дийқан ямаса қыйтақ жер хожалығы сыпатында ижара ҳуқықы тийкарында рәсмийлестириледи. Бул пуқаралардың мәплерин қорғаўға қаратылған норма болып есапланады.

– Қоңсылар арасындағы шегара ким тәрепинен ҳәм қалай белгиленеди?

– Жер кодексиниң 30-31-статьяларына муўапық, жер участкасының өзлестирилгенлиги анықланыўы керек. Егер орнында дийўал, пәнжере ямаса сым тосық болмаса, хатлаў ўақтында кадастр қәнигеси қоңсылардың қатнасыўында өлшеў жумысларын алып барады. Қоңсылар өз-ара келисим тийкарында шегара актине қол қояды ҳәм ол мәҳәлле тәрепинен тастыйықланады. Усы тәризде келиспеўшиликлердиң алды алынады.

Жер участкалары арасындағы шегаралар нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық белгиленеди. Егер шегараның рәсмий ҳүжжетлер менен тастыйықланған жағдайы болмаса, мүлк ийеси қоңсылар менен келискен ҳалда шегараны белгилейди. Кейин ала кадастр уйымлары тәрепинен бул жер участкасы хатлаўдан өткерилип, жыйнақ қәлиплестириледи.

– Амнистия кимлерге қолланылады?

– Нызам Өзбекстан Республикасының барлық пуқараларына тийисли болып, оннан нызам талапларына жуўап беретуғын барлық шахслар пайдаланыўы мүмкин. Ҳәзирги ўақытқа шекем республика бойынша 9 мыңнан аслам мәҳәллениң 5 мыңға шамаласында шегараларға анықлық киргизилди. 1 миллионнан аслам жер участкалары хатлаўдан өткерилди. “Эътироф” системасына 430 мыңнан аслам көшпес мүлк объекти додалаўға киргизилди. Бүгинги күнге келип, 36 мыңнан аслам пуқараға көшпес мүлкке болған ҳуқықлар Халық депутатлары ўәлаятлық кеңеслериниң қарарлары менен тән алынды. Сондай-ақ, 6 мыңнан аслам көшпес мүлк объекти мәмлекетлик дизимнен өткерилди.

– Хатлаўдан өтпесеңиз қандай ақыбетлерге алып келеди?

– Хатлаў процесинде пуқараның әмелде пайдаланып киятырған барлық жер майданы өлшенеди, системаға киргизиледи ҳәм нызамның 16-статьясына муўапық додалаўға қойылады. Бул додалаўға 18 ден аслам министрлик ҳәм уйымлар қатнасады. Ҳәр бир уйым өз ўәкиллиги шеңберинде жуўмақ береди. Унамлы жуўмақ берилген жағдайда, ҳуқықларды тән алыў бойынша қарар қабыл етиледи.

Егер жер участкасы ямаса турақ жай хатлаўдан өткерилмесе, оған болған ҳуқық тән алынбайды. Бул болса мүлкти сатыў, саўға етиў, мийрас қалдырыў, бөлиў, сондай-ақ, турақлы дизимге қойыў сыяқлы ҳуқықый ҳәм социаллық мәселелерде айрықша шеклеўлерге себеп болады.

– Ижара ҳуқықы менен рәсмийлестирилген жерди кейин ала мүлк етип алыў мүмкин бе?

– Әлбетте. Нызамның 30-статьясына муўапық, ижара ҳуқықы тийкарында тән алынған жер участкасын белгиленген тәртипте мүлк ҳуқықы сыпатында рәсмийлестириў мүмкин. Бул процесс Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 14-февральдағы 71-санлы қарары менен тастыйықланған ҳәкимшилик регламент тийкарында әмелге асырылады.

– Ҳүжжетлери жоқ жай ушын жәрийма ямаса бузыў қәўпи бар ма?

– Нызамның 28-статьясына бола, егер усы нызам шеңберинде ҳуқықлар тән алынбаса, өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкалары қайтарылыўы ямаса олардағы нызам бузылыўлары белгиленген тәртипте сапластырылыўы мүмкин.

– Хатлаў ҳәм ҳуқықларды тән алыў процесслери қанша ўақытты алады?

– Хатлаў жумыслары мәҳәллелер кесиминде тастыйықланған реже-график тийкарында өткериледи. Объектлер тийисли уйымлар тәрепинен 2 ай даўамында көрип шығылады, жәмийетшилик додалаўы 1 ай даўам етеди, әдиллик уйымлары болса 2 ай ишинде ҳуқықый жуўмақ береди. Жуўмақлаўшы қарар жергиликли Кеңеслер тәрепинен қабыл етиледи.

– Ҳәзирге шекем қанша объект хатлаўдан өткерилди, қанша мәҳәлле шегараларына анықлық киргизилген, неше объект “Эътироф” системасына киргизилген?

– Ҳәзирги ўақытқа шекем 1,1 миллионнан аслам объект хатлаўдан өткерилди, 811 мыңының электрон мағлыўматлары қәлиплестирилди, 448 мың объект жәмийетшиликтиң додалаўына қойылды. Усы күнге шекем 41 500 объектке байланыслы ҳуқықлар тән алынды, 13 мыңнан аслам жағдай бийкар етилди.

Шаҳноза Маматуропова, ӨзА