Ийман үйи өз есиклерин ашты

45

Әмиўдәрья районы Чайкөл аўылында “Ноғай Ийшан баба” жомъе мешити жаңа имаратының қурылысы толық жуўмақланып, салтанатлы түрде пайдаланыўға тапсырылды.

Бул муқаддес орынның ашылыў мәресими көтериңки руўхта өткерилип, онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Алишер Алланиязов, Қарақалпақстан Мусылманлары қазыятының қазысы Баҳрамаддин Разов, Әмиўдәрья районының ҳәкими Сабыр Хожаметов, ҳәким орынбасарлары, нураныйлар, мәҳәлле белсендилери ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Илажда шығып сөйлегенлер елимизде әййемнен даўам етип киятырған «ҳәсер» дәстүри, халықтың аўызбиршилиги ҳәм сақаўатының жәмийетлик турмыстағы орны ҳаққында айрықша атап өтип, бул ийгиликли иске өз үлесин қосқан қурылысшылар, қәўендерлер ҳәм мәҳәлле белсендилериниң пидәкерлик мийнетин жоқары баҳалады.

Сондай-ақ, жаңа мешит имаратының қурылысында жанкүйерлик ҳәм интакерлик көрсеткен бир топар пуқаралар миннетдаршылық хатлары ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Усы дөретиўшилик жумыслар Чайкөл аўылы халқының бирлиги, ийманы ҳәм келешекке болған исениминиң айқын үлгисине айланды. Жаңа мешит имараты ўатанласларымыз ушын тек ғана ибадат орны емес, ал, руўхыйлық ҳәм татыўлық орайы болып хызмет ететуғынына гүман жоқ.

Илаж соңында муқаддес Қураны кәрим оқылып, елимиз тынышлығы, халқымыз абаданлығы ҳәм әмелге асырылып атырған барлық ийгиликли жумыслардың даўамлы болыўын тилеп пәтия етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги