«Миллет руўхының жаңа пәрўазы» ямаса «Қарақалпақ поэзиясы антологиясы» ҳаққында ойлар

Әдебият тек ғана сөзлер жыйнағы ямаса көркем шығарма емес, ал миллеттиң өтмиши, бүгини ҳәм келешегин өзинде жәмлеген руўхый ғәзийне. Ҳәр бир дәўирдиң әдебияты сол дәўир адамларының ишки дүньясын, жәмийетлик турмыстағы өзгерислерди ҳәм инсаный қатнасықларды мөрлеп қалдырады. Әдебият айнасына қараған адам тек ғана өз келбетин емес, ал пүткил бир миллеттиң тәғдирин, болмысын көре алады.
Әдебият – бул пикир ҳәм сезим болса, китап – сол пикирлердиң мәңгиликке мөрленген мәканы. Қағазға түскен ҳәр бир сөз ўақыт сынағына шыдам береди, олар арқалы бизден алдын жасаған ата-бабаларымыздың жүрек тербенислерин сеземиз. Әдебияттың китапларда сәўлелениўи тек ғана текст жыйнағы емес, ал миллеттиң интеллектуаллық потенциалының көрсеткиши болып табылады.
Мине усыған сәйкес, жақында ғана қарақалпақ халқы ҳәм әдебияты ушын қуўанышлы ҳәм мақтанышлы ўақыя болды. Россия Федерациясының Москва қаласы «Ладомир» илимий-баспа орайында Қарақалпақ поэзиясының антологиясы («Антология каракалпакской поэзии») рус тилинде II том болып (I том 2024-жыл, II том 2025-жыл) басып шығарылды. Антологияның басып шығарылыўында Өзбекстанлы исбилермен Алишер Усмановтың «Көркем өнер, илим ҳәм спорт» қайырқомлық қоры қаржылай қәўендерлик етти ҳәм топламды баспаға таярлаўда Россиялы белгили шайыр ҳәм аўдармашы, әдебият тарийхшысы Михаил Синельников, Өзбекстанның Россиядағы елшиханасы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамлары қатнасты.

Қарақалпақ поэзиясының антологиясы еки томнан ибарат болып рус тилинде басылып шығыўы әдебиятымыз тарийхында дәслепки рет әмелге асырылмақта. (Дурыс, усы күнге шекем рус тилинде Москва қаласында қарақалпақ поэзиясының үлгилери топлам көринисинде (1973, 1980) баспадан шықты, бирақ кең көлемли еки томлық антологияның басылыўы дәслепки тарийхый ўақыя болды – А.Т.) Антологияның биринши томында қарақалпақ халық дәстаны «Қырық қыз», «Қоблан», «Шәрьяр» ҳәм халық қосықлары, соның ишинде балалар қосықлары жәмленген. Бул халық аўызеки дөретпелерин рус тилине аўдарыўда дилмашлар А.Тарковский, С.Северцев, Н.Гребнев, С.Сомова ҳәм С.Ибрагимовлардың хызметлерин айрықша атап өтиў тийис. Сондай-ақ Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы баслығы, Өзбекстан халық жазыўшысы, Қарақалпақстан халық шайыры Кеңесбай Каримов топламға «Истокии каракалпакской поэзии» атамасында алғы сөз жазып, соңынан дүзиўшилерден әдебият тарийхшысы Михаил Синельниковтың пикирлери орын алған.
Антологияның екинши томы XVIII әсирден баслап, бүгинги күнге шекемги қарақалпақ шайырларының дөретпелерин жәмлеген. Бунда авторлардың қысқаша өмирбаяны ҳәм шығармаларынан үлгилер жазылған. Китап соңында антологияның дүзилиўинде ҳәм ондағы шығармалардың жыйналып, рус тилине аўдарылыўына үлкен үлес қосқан шайыр, жазыўшы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамларының ағзасы Сағынбай Ибрагимовтың «Поэзия надежды и веры» атамасындағы жуўмақлаўшы сөзи келтирилген. Бул топламды баспаға таярлаған Михаил Синельников «қосықларды таңлаўда ҳәм баҳалаўда Сағынбай Ибрагимов бийбаҳа жәрдем берди» – деп жазады.
Инсаният жаратқан ашылыўлар ишинде әдебият ең уллысы, себеби ол материаллық дүньяны емес, ал адамның руўхыятын изертлейди. Халықтың кимлигин, оның мәденияты ҳәм пикирлеў дәрежесин билиўди қәлеген адам дәслеп сол халықтың әдебиятына нәзер таслайды.
«Қарақалпақ поэзиясы антологиясы»ның ҳәрбир томы 1000 тиражда басып шығарылған болып, қарақалпақ халқының бай поэзиялық мийрасын пүткил дүнья жүзине жәриялады, десек асыра айтқан болмаймыз, сол арқалы дүнья жәмийети қарақалпақ халқынын бар екенлигин, оның кеше я бүгин пайда болып қалмай, нешше мың жыллық тарийқа ийе екенлигин көркем аўызеки дөретпелери, сондай-ақ, бүгинги күндеги раўажланып атырған поэзиясы арқалы жаңадан таныды.
Бийбаҳа ғәзийнемиздиң баспадан шығыўы менен гүллән халқымызды қутлықлаймыз ҳәм антологияның басылып шығыўында жақыннан жәрдем берген, әдебиятымыздың ҳәр тәреплеме раўажланыўына өз үлесин қосып атырған жанкүйерлеримизге терең миннетдаршылық билдиремиз.
Алтынай Тилегенова
Филология илимлери бойынша философия докторы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги