Сөз мүлкиниң султанына бағышланған әдебий кеше

6

Тақыятас районы педагогикалық техникумында сөз мүлкиниң султаны, уллы ойшыл Әлийшер Наўайының туўылған күни мүнәсибети менен көркем-ағартыўшылық кеше болып өтти.

Илаж әдебият ҳәм көркем өнердиң үнлеслигинде шөлкемлестирилип, онда Наўайы тулғасы, оның бийбаҳа дөретиўшилик мийрасы ҳәм адамгершилик идеялары сахналық көринислер, поэзиялық мушайралар ҳәм музыкалық шығыўлар арқалы айқын көрсетилди. Студентлер тәрепинен атқарылған ҳәр бир көринис сөз мүлкиниң султанына болған терең ҳүрметтиң белгисине айланды.

Әдебий кеше даўамында Әлийшер Наўайының шығармаларынан үзиндилер ҳәм ҳикметли сөзлер жаңлап, жаслардың қәлбинде миллий өзлик, ана тилине муҳаббат ҳәм руўхый жуўапкершилик сезимлери және де беккемленди.

                                                                             Қарақалпақстан хабар агентлиги