Жаңа усыныслар, жаңа ўазыйпалар, жаңа режелер сөз етилди

Бүгин көп миллетли халқымыздың дослық символына айланған Қара үйде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев илимпазлар, жоқары оқыў орынлары профессор-оқытыўшылары менен ушырасыў өткерди.

Өткерилген ушырасыўда бүгинги күнде ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар менен жаратылған шараятлар ҳәм усы тийкарда алып барылып атырған әмелий илажлар ҳаққында кең түрде сөз етилди.



Ҳақыйқатында да, жақын қысқа дәўир ишинде елимизде бурын болмаған жаңаланыўлар жүз берип, көплеген жетискенликлерге ерисилмекте. Бул бағдарда жаңадан-жаңа кәрханалар жумыс баслап, кең көлемли қурылыс-оңлаў жумыслары, барлық орынларда халықты жыллар даўамында қыйнап келген машқалаларға шешим табыў илажлары даўам еттирилмекте. Бундай илажлар нәтийжесинде шын мәнисинде, Жаңа Өзбекстан тийкарында Жаңа Қарақалпақстан қурылып атыр десек алжаспаған боламыз.

Өткерилген ушырасыўда мине усындай ийгиликли жумыслар, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў жолындағы мәмлекетимиз басшысының басламалары анық видеофактлери менен көрсетип өтилди.
Өз нәўбетинде, зиялылар да бундай илажларда халқымыздың ҳәр бир ўәкили ана Ўатанымыздың гүллеп жаснаўы жолында биргеликте, аўызбиршиликли түрде хызмет етиўи керек екенлигин айрықша атап өтти.

Өткерилген ушырасыў даўамында елимиз раўажланыўы жолында мүнәсип үлес қосып атырған бир топар илим пидайылары Жоқарғы Кеңестиң Президиум қарары менен хошаметленди.



Қарақалпақстан хабар агентлиги