Қубла Үстирт: Жоқарғы Кеңес Баслығы  аўыл халқы менен ушырасты

14

Бүгинги күнде елимизде барлық реформалар халқымыздың бүгинги турмысынан разы болып жасаўын тәмийинлеў жолында әмелге асырылмақта. Бунда ҳүрметли Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген ўазыйпалар, қабыл етилип атырған қарар ҳәм пәрманлар, ажыратылып атырған қаржылар беккем тийкар болып хызмет етип атыр. Әлбетте, бундай әмелий илажлар алыс ҳәм шетки аймақларға шекем жетип барып атыр десек алжаспаған боламыз.

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қоңырат районынан дерлик 200 км. қашықлықтағы Үстирт тегислиги үстинде жайласқан Қубла Үстирт аўылында болып, аўыл турғынлары менен ушырасты.

Онда аўыл турғынлары тәрепинен билдирилген мүрәжатлар ҳәм олардың тилек-өтинишлерине унамлы шешим табыў илажлары көрилди.

Атап өтиў орынлы, Жоқарғы Кеңес Баслығының алдынғы ушырасыўында көтерилген мәселелердиң басым көпшилиги өз шешимин таўып, пуқаралардың машқалалары шешип берилген еди.

Бүгинги ушырасыўда да бир қатар әҳмийетли мәселелер атап өтилди ҳәм Жоқарғы Кеңес Баслығы барлық мәселе, әлбетте, шешимин табатуғынлығын атап өтти.

                                                                    Қарақалпақстан хабар агентлиги