Шымбай районын ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша ўазыйпалардың орынланыўы додаланды

16

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай  районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, мәмлекетлик бағдарламалар шеңбериндеги белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы менен танысыў ҳәм аймақ белсендилери менен ушырасыў мақсетинде усы районда болды.

Ең дәслеп республикамыз басшысы Шахтемир мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жаңадан қурылып атырған спорт комплекси, сондай-ақ, усы орында исбилермен басламасы менен жаңадан шөлкемлестирилип атырған «Өсербай Шабандоз» ат спорты клубының қурылыс жумысларын көзден өткерди ҳәм қурылыс жумысларын сапалы етип жуўмақлаў, исбилерменниң жойбарын толық иске түсириўи ушын барлық жәрдемлерди көрсетиў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берди.

Буннан соң, «Zang tex» кәрханасы тәрепинен ийирилген жип ислеп шығарыў жойбары жумыслары көрип шығылып, өнимлердиң экспорт потенциалын арттырыў бойынша исбилермен менен жақыннан бирге ислесиў керек екенлиги атап өтилди.

Көкши қала мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан кәрхана улыўма 199,2 млрд. сум қаржы тийкарында иске түсирилип атырған болып, жылына 4 мың тоннадан артық, улыўма 80 млрд. сумлық өним ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Кәрхана толық қуўатлықта иске түсирилиўи менен 300 жумыс орны жаратылады ҳәм жергиликли турғынлардың бәнтлиги тәмийинленеди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы жуўапкерлерге бүгинги күни ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары менен жаратылған имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, районда исбилерменлердиң санын арттырыў ҳәм жаңа өндирис кәрханаларын ашыў керек екенлигин айрықша атап өтти.

Соңынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикалық ҳәм районлық мәкеме-шөлкемлердиң жуўапкерлери қатнасыўында Шымбай районын раўажландырыў мәселелерине арналған мәжилис өткерди.

Онда районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың бәнтлигин, оларды қолайлы турмыс шараяты менен тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм абаданластырыў жумысларын алып барыў сыяқлы белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы мәселелери көрип шығылды.

Атап өтиў орынлы, районды ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша арнаўлы бағдарлама тийкарында бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилген. Буның ушын қаржылық дереклери ҳәм имканиятлар да жаратылған.

Бирақ, айырым орынларда мәкеме-шөлкем басшылары ҳәм жуўапкерлер, сондай-ақ, мәҳәлле белсендилери тәрепинен кемшиликлерге жол қойылмақта.

Мәжилис даўамында өз ўазыйпасын атқарыўда қәте-кемшиликлерге жол қойған жуўапкерлерге интизамий жаза шарасы қолланылып, зәрүр болса лаўазымына ылайықлығы мәселесин көрип шығыў бойынша тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги