Суў хожалығы министри тәрепинен мүрәжатлар үйренилди

Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министри Ш.Хамраев тәрепинен Беруний районында физикалық ҳәм юридикалық тәреплер ҳәм олардың нызамлы ўәкиллериниң қатнасыўында көшпели қабыллаў болып өтти.
Бул көшпели қабыллаўға Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри Б.Юсупов, министрдиң орынбасары Т.Мадраимов, Қарақалпақстан насос станциялары ҳәм энергетика басқармасының баслығы Н.Аралбаев, Мелиоратив экспедиция баслығы И.Жанабаев, Беруний районы ҳәкими И.Хидиров ҳәм суў хожалығы системасы шөлкемлериниң жуўапкер басшылары қатнасты.
Қабыллаў процесинде аймақтағы фермер хожалықларының басшылары, исбилерменлер, мәҳәлле белсендилери, халық ўәкиллери ҳәм суў хожалығы системасында жумыс алып барып атырған жумысшы-хызметкерлер тәрепинен мүрәжатлар билдирилди.
Мүрәжатлар тийкарынан суўғарыў каналларын қазыў ҳәм тазалаў, насос станцияларына тийисли машқалалар, суў жеткерип бериўди жақсылаў, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша әмелий жәрдем көрсетиў мәселелерин қамтып алды.
Барлық мүрәжат етиўшилердиң мүрәжатлары Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министри тәрепинен орнында көрип шығылып, ҳәр тәреплеме түсиниклер берилди ҳәм жуўапкер басшыларға нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте мүрәжатларды үйренип шығыў, орынланыўын тәмийинлеў ҳәм жуўмақлаўшы нәтийжеси бойынша мүрәжат етиўшилерге жазба жуўаплар жибериў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.


Сондай-ақ, көшпели қабыллаўда насос станцияларына қуяш панельлерин орнатыў, суўды үнемлейтуғын жаўынлатып суўғарыў технологияларын енгизиў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Төменги буўынларда суў ресурсларын басқарыў системасын жетилистириў ҳәм суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары бойынша толық түсиниклер берилди. Бул көшпели қабыллаў халық ҳәм фермер хожалықларын қыйнап киятырған машқалаларды орынларда үйрениў, оларды жедел ҳәм нәтийжели шешиў, сондай-ақ, суў хожалығы системасы жумысында ашық-айдынлық ҳәм жуўапкершиликти буннан былай да арттырыўға хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги