Ташкентли шыпакерлердиң медициналық тексериў ҳәм операциялары даўам етеди

19

Усы жылдың 3-7-февраль сәнелери аралығында Ташкент қаласындағы Балалар миллий медицина орайынан келген тәжирийбели шыпакерлер Қарақалпақстан медицина институты клиникасында барлық жастағы наўқасларды қабыл етип, бийпул медициналық тексериў ҳәм мәсләҳәтлер бермекте.

Пуқаралардың денсаўлығын тиклеў, оларға узақ жол басып пайтахтқа қатнаўының алдын алыў мақсетинде өткерилип атырған илаж шеңберинде елимиздиң барлық аймақларынан келген наўқаслар медициналық тексериўден өткерилип, зәрүр жағдайда операциялар да әмелге асырылмақта.

Саламатлық акциясы шеңберинде Кардиохирургия, Неврология, ЛОР, Балалар хирургиясы, Нейрохирургия, Балалар урологиясы, Балалар онкогематологиясы, Пластик хирург бағдарлары бойынша наўқаслар қабылланып атыр. Дүйшемби күнинен берли шыпакерлер 12, жыл басынан берли 50 ге шамалас қурамалы операцияларды әмелге асырды.

– Өткен жылы октябрь айында өткерилген «Саламатлық марафоны»ның даўамы десек те болады. Себеби, акция шеңберинде келген наўқаслар менен бирге, Ташкент қаласындағы медициналық мәкемелерде Қарақалпақстаннан нәўбетте турған наўқасларды да усы жерге шақырып, зәрүрли медициналық хызметлерди көрсетип атырмыз. Тексериўден өткерилген ҳәм таңлап алынып, клиникаға жатқарылған наўқаслар ушын сарыпланатуғын қәрежетлер Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қорының қаржылары есабынан қаплап бериледи, – дейди клиника бас шыпакери Феруз Хамидов. – Кеше акция шеңберинде кардиохирургия бағдары бойынша наўқасларды таңлап алдық. 200 ден аслам доплер тексериўи нәтийжесинде 50 ге шамалас жүрек туўма нуқсанлары менен кеселленген наўқасларды анықладық. Оларда режели түрде операциялар әмелге асырып барылады.

– Усы жерде хызметте жүрген шыпакерлерге мың-мың рахмет, – дейди Замира Аллабергенова. – Туўылғаннан берли перзентим грыжадан қыйналатуғын еди. Бүгин қызыма операция исленип, ҳәзир жағдайы жақсы. Клиникада барлық шараятлар жаратылған. Зәрүрли әсбап-үскенелерден бийпул тексериўден өткерди.

Барлық тексериў ҳәм мәсләҳәтлер бийпул әмелге асырылмақта. Ташкентли шыпакерлердиң медициналық тексериў ҳәм операциялары және де даўам етеди. Бирақ, аймақлық шаңарақ поликлиникаларынан жоллама менен жиберилген 18 жасқа шекемги балалар ғана тексериўден өткериледи.

М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.