Жеңилликлер нәтийжеси: «Хожели ун өнимлери»ниң раўажланыў басқышлары

5

Ун – күнделикли өмиримизде пайдаланып жүрген әпиўайы өним сыяқлы түйилсе де, ол қапқа түсип, бизиң қолымызға келип жетемен  дегенше көплеген басқышларды басып өтеди. Тиришилик арқаўы болған унның артында -аўыл хожалығы, санаат, энергетика ҳәм мәмлекет сиясаты менен байланыслы болған қурамалы система жатады. Демек, жерге тасланған ғәллениң бой көтерип өнип-өсиўи ҳәм қырманға келип жетиўи жолында дийқан-фермерлердиң үлеси көп болса, оны кәрханада ун ҳалына келтириў жолында мийнет етип атырған пидайы хызметкерлер менен  бул жолда халыққа сапалы ун өнимлерин жеткерип бериўге бел байлаған исбилерменниң орны айрықша екенлигин атап өтиў орынлы.

Президентимиздиң республикамыздағы исбилерменлер ушын жаратып берип атырған имканиятларынан орынлы пайдаланып, жумыс алып барып атырған исбилерменлер қатарында Хожели районы «Сарышүнгил» мәҳәллесинде жайласқан «Хожели ун өнимлери» ЖШЖ 2022-жылдан берли халқымызға сапалы түрде хызмет көрсетип келмекте.

«Жас келсе иске» дегениндей бул кәрханаға жас болса да истиң көзин билетуғын исбилермен Юсупбек Каримов басшылық етип келмекте. Ол 4,5 гектар жер майданға өз есабынан ҳәм жеңиллетилген кредит жәрдеминде жәми 30,4 млрд. сум қаржы сарыплап, ун өнимлерин ислеп шығаратуғын кәрханаға тийкар салды. Азық-аўқат қәўипсизлиги жолында халқымыздың  ун өнимлерине болған талабын қанаатландырыў ушын жумыс алып барып атырған кәрхана Түркия технологиялары тийкарында күнине 200 тонна, жылына 50 мың тонна унды ислеп шығарыў имканиятларын иске қосып, ең әҳмийетлиси жаӊадан жетписке жақын жумыс орынларын жаратып, жаслардың бәнтилигин тәмийинледи.

Халқымыздың қоңсылас Қазақстан Республикасынан алып келинетуғын ун өнимлерине болған талабы артып турған бир пайытта, өзимиздиң Хожелиден сапалы ун өнимлерин ислеп шығаратуғын кәрхананың иске түсиўи  менен халқымыздың қалтасына қолайлы ҳәм сапалы унның жетистирилиўи әлбетте, қарыйдарлар ушын қуўанышлы жағдай болды. Бүгинги күнде кәрхана тәрепинен ислеп шығарылып атырған ун өнимлери Қарақалпақстан Республикасыныӊ барлық қала ҳәм районларына соныӊ менен бирге Хорезм ўәлаятыныӊ ишки базарларын тәмийинлеп қоймастан, сырт ел базарларынада кирип бармақта.

Атап айтқанда, өткен
2025-жыл дәўир ишинде Қазақстан Республикасынан бийдай өними импорт етилип, оны қайта ислеп Аўғанстан мәмлекетине 5 млн. АҚШ доллар муғдарында ун өними экспорт етилди.

– Президентимиз тәрепинен исбилерменлер ушын жаратып берилип атырған имканиятлар жумысларымыздың ҳеш қандай тосықсыз ҳәм нәтийжели алып барыўымызға тийкар болмақта. Жаратылған имканиятлар, енгизилген салық жеңилликлеринен пайдаланған ҳалда алып барып атырған жумысларымыз нәтийжесинде кәрханамыз жылына 200 тонна ун ислеп шығрарыўға мөлшерленген болса, биз ҳәзир жылына 150 тонна ун өнимлери менен  менен бирге комбикорм ислеп шығарып атырмыз. Елимиздеги дийқан-фермерлер менен бирге Қазақстан Республикасынан да бийдай алып келип пайдаланып атырмыз. Бурын импорт ҳәм экспорт мәселелеринде бираз қыйыншылықларға дус келетуғын едик.  Мине енди Ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы пәрманы  менен жергиликли исбилерменлерге бул мәселелерде жеңиллетилген имканиятлар жаратылды ҳәм биз артықша әўерегешилик, сертификатлар ушын төлемлер менен ўақыттан утатуғын болдық. Сондай-ақ, энергиядан пайдалыныўда да ислеп шығарыў кәрханаларына 15 процент жеңиллик берилди. Қарақалпақстанлы исбилерменлер ушын жаратылып атырған имканият ҳәм жеңилликлер ушын Президентимизге миннетдаршылығымыз шексиз – дейди кәрхана баслығы Ю.Каримов.

Исбилермен келешекте кәрхананыӊ ислеп шығарыў қуўатлығын көтериў, жаӊа жумыс орынларын еледе көбейтиў ҳәм қоӊыслас мәмлекетлерге өнимди экспорт етиў жумысларын және де жетилистириўди режелестирмекте.

Әлбетте, мәмлекетимизде бундай мүмкиншиликлер нәтийжесинде халқымыздыӊ азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм жаслардыӊ турақлы түрде бәнтлигин тәмийинлеўге имканият жаратады.

– Кәрханада үш жылдан берли жумыс ислеп атырман. Бул жерде халқымыздың ырысқысы болған ун өниминиң ислеп шығарылыўы менен бирге аўызбиршиликли жәмәәтимиз қәлиплескен. Жумыссыз жүрген жаслардың бәнтлиги тәмийинленген. Айлықлармыз жақсы, өз ўақтында алып турмыз, – дейди кәрхана исшиси У. Жуманазаров.

Бул жерде шығарылып атырған өнимди халқымыздың талғамына сай ун екенлигин биз пайтахтымыздағы «Нәўпир» МПЖ турғыны Г.Исмаилова менен сәўбетлескенимизде ол төмендегише өз пикирлерин билдирди:

– Еки жылдан берли усы өзимизде ислеп шығарылып атырған Хожели уннан пайдаланып атырмыз. Нанымыз да, аўқатлармыз да жүдә мазалы болып шығады. Аппақ болып порсылдап тандырда писип шыққан нанларын жеп тоймайсаң. Баҳасы да бизиң шараятымызға қолайлы, – дейди ол.

Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасындағы исбилерменлер ушын басқа аймақларда жоқ, 50 ден аслам жеңилликлер пакети жаратып берилген болса, Ю.Каримов усы имканиятлардан орынлы пайдаланып атырған исбилермен екенлигин оның жумыслары мысалында гүўасы болдық. Ол ун ислеп шығарыў кәрханасына қосымша балықшылық тараўына да қол урып,  нанымыздың тийкары болған ун өнимлери  менен бирге жети ғәзийнениң бири болған балықшылықты раўажландырыўға да үлес қоспақта.  Ол бул бизнесинде де жақсы табыслары менен көзге түспекте. Әлбетте булардың бәри тынымсыз мийнет ҳәм исбилерменге тән болған излениўшилик, тәўекелшилик ҳәм мәмлекетимизде алып барылып атырған әдил сиясат, реформалар тийкарында болмақта.  Буны биз жуўмақ ретинде, Президентимиз басламасы менен енгизилген кең көлемли жеңилликлер республикамыз исбилерменлери турмысында үлкен бурылыс жасады, салық, қаржы жеңилликлери ҳәм инвестициялық қоллап-қуўатлаўлар жергиликли бизнестиң турақлы раўажланыўына беккем тийкар болмақта деп айта аламыз. Демек, Президентимиздиң «Билиң артыңызда Президент тур, ҳеш нәрседен қорықпаң!»-деген сөзи бизиң исбилерменлеримизге үлкен мотивация болмақта. Бул қоллап-қуўатлаўлар менен республикамыздан  Юсупбек сыяқлы еле бир неше исбилерменлер жетисип шығыўына мәдет болары сөзсиз.

 

                                    Гүлнара Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы