Халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыўдың екинши басқышында әмелге асырылатуғын ўазыйпалар додаланды

7

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов ҳәм Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министри Ш.Хамраевтың қатнасыўында ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда республикамыз аймағында жумыс алып барып атырған кәрхана, министрлик ҳәм шөлкемлердиң басшылары ҳәм жуўапкер қәнигелер қатнасты. Сондай-ақ, район ҳәм қала ҳәкимликлери, уйым ҳәм шөлкемлердиң басшылары Zoom платформасы арқалы онлайн қатнасты.

Мәжилисте халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажларының екинши басқышы 2026-жыл 4-28-февраль күнлери болып өтетуғынлығы атап өтилди.

Сондай-ақ, онлайн дизимнен өтиў басқышында қатнаспаған, ямаса сораўнамаларды қәте ҳәм кемшиликлер менен толтырған пуқаралар, планшет қурылмалары арқалы электрон системаға киргизиўдеги кемшиликлер айрықша атап өтилип, тараў басшыларына халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыўдың екинши басқышын жоқары шөлкемлескенликте алып барыў бойынша тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, ушырасыў даўамында физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын өз ўақтында көрип шығыў ҳәм оларды унамлы шешиў мәселелерине де тоқтап өтилди. Келип түскен мүрәжатлардың мазмун-мәниси талқыланып, оларды нызамлы ҳәм әдил шешиў бойынша жуўапкер шөлкемлерге ҳәм жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.

Атап өтилгениндей, мүрәжатлар менен ислесиўде жуўапкершиликти арттырыў ҳәм орынлаў тәртибин беккемлеў зәрүр.

Ушырасыўда халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыўдың екинши басқышында әмелге асырылатуғын ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги