Өзбекстан Президентиниң Пакистанға мәмлекетлик сапары жуўмақланды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Пакистан Ислам Республикасына мәмлекетлик сапарының илажларға бай бағдарламасы жуўмақланды.
Мәмлекетимиз басшысы Исламабадта Пакистан Ислам Республикасы Президенти Асиф Али Зардорий ҳәм Пакистан Ислам Республикасы Бас министри Шаҳбоз Шариф пенен ҳәр тәреплеме сөйлесиўлер өткерди. Өзбекстан – Пакистан дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў және сиясат, саўда-экономика, инвестиция, транспорт, логистика ҳәм гуманитарлық тараўлардағы әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге байланыслы тийкарғы мәселелер додаланды.


Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлердиң жуўмағында тийкарғы тараўларда бирге ислесиўди тереңлестириў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға қаратылған еки тәреплеме ҳүжжетлердиң салмақлы топламына қол қойылды.
Сондай-ақ, Пакистан Қорғаныў күшлери Бас сәркардасы – Қураллы Күшлердиң Қурғақлықтағы әскерлери сәркардасы Асим Мунир, Бас министрдиң орынбасары, сыртқы ислер министри Исхоқ Дор менен ушырасыўлар болып өтти.


Мәмлекетимиз басшысы еки күнлик сапар даўамында Өзбекстан – Пакистан бизнес форумында қатнасты ҳәм Пакистанның жетекши исбилермен топарларының ўәкиллери менен ушырасты.
“Айвони Садр” резиденциясында Өзбекстан Республикасы Президентине Пакистанның жоқары мәмлекетлик сыйлығы – “Нишони Пакистан” орденин тапсырыў мәресими болып өтти.


Буннан тысқары, мәмлекетимиз басшысына Пакистанның жетекши жоқары билимлендириў мәкемелеринен бириниң ҳүрметли докторы ҳәм профессоры атақлары берилди.
Пакистан пайтахтындағы көшелерден бирине Ташкент, жаңадан қурылып атырған бағқа Заҳириддин Муҳаммад Бабур аты берилгени тарийхый мийрастың уқсаслығы, Өзбекстан ҳәм Пакистан халықларының және де жақынласқанының белгиси болды.


Мәмлекетлик сапар жуўмақланғаннан соң, Президентимиз Ташкентке жөнеп кетти. “Нурхон” аэропортында жоқары мәртебели мийманды Пакистан Бас министриниң арнаўлы кеңесгөйи – санаат ҳәм өндирис министри Харун Ахтар ҳәм басқа да рәсмийлер шығарып салды.

ӨзА