“Салық форумы – 2026” илажы болып өтти

Өзбекстан Республикасы Салық комитети тәрепинен Нөкис қаласында республикамыздағы 500 ден аслам исбилерменлердиң қатнасыўында “Салық форумы – 2026” илажы шөлкемлестирилди.
Ушырасыў даўамында қәнигелер тәрепинен 2026-жылы салық нызамшылығына киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилип, пикир-усыныслар билдирилди.
Бул илаж бизнес ўәкиллери, ири салық төлеўшилер ҳәм салық уйымлары арасында ашық сөйлесиў майданына айланып, қәнигелер тәрепинен салық нызамшылығындағы 110 нан аслам жаңалықлар бойынша презентациялар өткерилди. Оларды әмелиятта қолланыў тәртиби бойынша түсиниклер берилди.
Буннан тысқары, исбилерменлер салық ҳәкимшилигин буннан былай да жетилистириўге байланыслы өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.
Әлбетте, бундай форумлардың өткерилиўи исбилерменлердиң салық нызамшылығы бойынша билимин арттырыў, өз-ара исенимди беккемлеў және бизнес ҳәм салық уйымлары арасында конструктивлик сөйлесиў ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыўға хызмет етеди.
Илажда билдирилген барлық мүрәжатлар, пикир-усыныслар улыўмаластырылып, Салық комитетине усынылады.






Илаж даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги