Республикамыздың туризм тараӯындағы жетискенликлери презентация етилди

Жақында Самарқанд қаласында аӯыллық жерлерде туризмди раӯажландырыӯ мәселелери бойынша өткерилген тренингте DMO Karakalpakstan жәмийетлик бирлеспесиниң баслығы М.Қосназаров тәрепинен туризм дестинациясын раӯажландырыӯ бойынша Қарақалпақстан тәжирийбеси презентация етилди.
Презентацияда Ѳзбекстанда биринши шѳлкемлестирилген туризм дестинацияларын басқарыӯ шѳлкеми – DMO Karakalpakstan ҳаққында, шѳлкем тәрепинен Германия халықаралық бирге ислесиӯ шѳлкеми (GIZ) менен мәмлекет-жеке сектор арасындағы диалог, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының социаллық буйыртпасы менен әмелге асырылып атырған «QR Gastronomic Quality» жойбары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Туризм комитети менен биргеликте әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Япония халықаралық бирге ислесиӯ шѳлкеми (Japan International Cooperation Agency (JICA))ниң мирәт етиўи менен шѳлкемлестирилген бул илажда Қарақалпақстанның туризм тараӯын раӯажландырыӯ бойынша тәжирийбеси илаж қатнасыӯшылары тәрепинен үлкен қызығыӯшылық пенен үйренилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги