“Сотка”ға шегеленген балалар

15

Автобуста кетип баратырып, шамасы бес-алты жасар баланың анасына шатақ шығарып атырғаны итибарымызды тартты. Бәрҳа анасының сумкасына қол созатуғын еди, ҳаял болса оны қандай жубатыўды билмей қысынатуғын еди. Ақырында бала нийетине жетти. Сумкадағы уялы телефон қолына тийгеннен кейин, тынышланды – қалды. Қаладан район орайына шекемги бир саатлық жол даўамында оннан көзин айырмады.

– Ҳәзирги балалардың тили “сотка” деп аталатуғын усы зат пенен шығып атыр, – деди бул жағдайды бақлап турған жолдасымыз, ғиждуўанлы педагог Шуҳратжон Ғаниев. – Айтпақшы, ертең мектеп жасына жеткенде бундай баланың ойы китапта емес, телефонда болады. Китап оқыў еле мийи морт баланы пикирлеўге үйретеди, ақ-қарасын таныйды. Билимине билим қосады. Қол телефоны-ше? Ол бар жерде баланың дыққаты шалғып кетеди. Сабақларды терең өзлестириўине кесент етеди. Социаллық тармақларға жипсиз байланып қалған, мийин керекли-керексиз мағлыўматлар менен толтырып атырған баланың мәнаўияты қандай болады? Усының өзи айрықша бир аўыр мәселе.

Муғаллимниң қәўетеринде жан бар. Тилекке қарсы, айырымлар “Қулағым тыныш болсын”, “Нервиме тиймесин” деген бәнелер менен еле тили шығып атырған баласына да қол телефонын берип қоймақта. Ақыбетинде айырым кишкене ул-қызлар қолында “сотка” болмаса бир нәрсесин жойтып алғандай өзин қоярға жер таппайтуғын жағдайға түспекте. Ашыўшақ ҳәм ҳәрекетшең, “өйтпе-бүйтпе”ни билмейтуғын болып өсип атыр.

Ол ҳәм басқа да электрон экранлардың бала денсаўлығына, айтайық, мийдиң раўажланыўына, руўхый саламатлығына үлкен зыян келтиретуғыны да бар гәп.

– Соңғы жыллары жас балалар арасында телефон, планшет ҳәм басқа да электрон қурылмалардан пайдаланыў жағдайлары кескин артып бармақта, – дейди Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайы Бухара филиалының офталмологи Шерзод Чулиев. – Бул жағдай көзге унамсыз тәсир көрсетип, бир қатар кеселликлердиң раўажланыўына себеп болмақта. Астенопия яғний көз шаршаўы, көриў өткирлигиниң төменлеўи, миопия яғний жақынды жақсы көриў, қурғақ көз синдроми, бас аўырыўы, дыққат-итибардың төменлеўи усылардыӊ қатарына киреди. Экранға узақ ўақыт тигилип турыў бала көзинде көриў кемислигин жүзеге келтиреди.

Соның ушын олардың экран алдында отырыў ўақтын шеклеў, ҳәр 20-30 минутта көзди дем алдырыў, аралықты дурыс сақлаў, жақтылық дәрежесине әмел етиў ҳәм балаларды ашық ҳаўада көбирек ҳәрекетлениўге шақырыў керек. Профилактика мақсетинде офтальмолог тексериўинен турақлы өтип турыў да үлкен әҳмийетке ийе.

Айырым психологлар болса социаллық тармақлардың жас бала сана-сезимине дүзелмес зыян жеткериўи итималын нәзерде тутып, оларға “көринбес апатшылық”, деп баҳа бермекте. Айтпақшы, бул апатшылықтың ақыбетин дүньяның раўажланған мәмлекетлери әллеқашан өзлеринде сезди. Айтайық, соны есапқа алған ҳалда Австралия ҳүкимети 16 жасқа толмағанлардың социаллық тармақлардан пайдаланыўына шек қойды. Бул мәмлекет тәжирийбесин бақлап атырған Франция, Испания, Малайзия, Индонезия ҳәм ҳәттеки АҚШтың бир қатар штатларында жас өспиримлердиң социаллық тармақлардан пайдаланыўына шеклеў қойыў мәселеси күн тәртибине шықты.

Буннан буяғына жуўмақ шығарыў өзиңизге байланыслы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги