Өзбекстан Президенти ҳәм Пакистан Бас министри биргеликтеги бизнес форумда қатнасты

7

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 6-февраль күни Исламабад қаласына мәмлекетлик сапарының исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде Пакистан Бас министри Шаҳбоз Шариф пенен биргеликтеги бизнес форумда қатнасты.

Илажда еки мәмлекеттиң 300 ден аслам жетекши санаат кәрханалары ҳәм саўда компаниялары, тармақ шөлкемлери және исбилерменлик структураларының басшылары ҳәм ўәкиллери қатнасты.

Пакистан тәрепинен “PEL”, “Waves Singer”, “Sadaqat”, “Fauji”, “Platinum”, “Fast Cables”, “National Fruit”, “Amson Group”, “Shaigan”, “Hans International”, “Secure Logistics Group”, “NLC”, “Fairmont”, “Go Dairy”, “Engro”, “Herbion”, “AGP”, “Arco”, “Habib Rafiq”, “Pakistan Steel Mills”, “Siddiq Sons”, “Uniworth”, “Diners”, “Fatima Group”, “Fateh Group”, “Hub Leather”, “Siddiq Leather”, “Royal Leather”, “Davis”, “Ahsan Dyeing” ҳәм басқа да көплеген компаниялар қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер Өзбекстан – Пакистан қатнасықларын, бәринен бурын, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық жақтан раўажландырыўда жаңа басқышты баслап бергенин үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Өз-ара байланыслар тарийхында биринши мәрте экономикалық бирге ислесиўге жаңа сапа бағышлаў ҳәм саўда көлемин 2 миллиард долларға жеткериўди нәзерде тутатуғын протоколға қол қойылды.

Еки мәмлекет жуўапкерлерине комплексли “жол картасы”н ислеп шығыў ҳәм жүзеге келетуғын мәселелерди жедел шешиў механизмин енгизиў тапсырылды.

Өзбекстан Президенти экономикалық шерикликтиң әҳмийетли бағдарларын көрсетип өтти. Фармацевтика ҳәм медицина, жеңил санаат, кән-металлургия тармағы ҳәм геология, азық-аўқат қәўипсизлиги тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў солардың қатарына киреди.

Пакистан компаниялары Өзбекстандағы дәри қураллары, биотехнологиялар ҳәм медициналық үскенелерди локализациялаў жойбарларына мирәт етилди. Ташкент фармацевтика паркинде пакистанлы инвесторлар ушын қолайлы шараятлар жаратылады.

Халықаралық брендлер ушын таяр тоқымашылық өнимлерин биргеликте ислеп шығарыўда үлкен потенциал бар екенлиги атап өтилди. Өзбекстан тоқымашылық кәрханаларын исенимли басқарыўға бериў ҳәм пакистанлы шериклер ушын өз алдына былғары санааты зоналарын шөлкемлестириўге таяр.

Гөш, картошка ҳәм гүришти биргеликте жетистириў, сондай-ақ, туқымгершилик ҳәм селекция тараўында Пакистан Миллий геномика институты менен шериклик перспективаларына айрықша итибар қаратылды.

Транспорт-логистика тараўындағы өз-ара байланыслылықты күшейтиў саўда көлемин және де арттырыўдың әҳмийетли шәрти болып есапланады.

“Пакистан – Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” жөнелиси бойлап жүк тасыў, Лаҳор ҳәм Исламабад қалаларына болса авиақатнаўлар жолға қойылды, Трансаўған темир жолын қурыў жойбары алға қойылмақта. Усы жылдың апрель айынан Карачиға жүк рейслери ҳәм Лаҳорға тиккелей жолаўшы рейслери жолға қойылады.

Аймақлар арасындағы байланысларды әмелий жақтан беккемлеў мақсетинде усы жылы биринши Аймақлараралық форумды өткериў басламасы қоллап-қуўатланды.

Илаж жуўмағында Өзбекстан жетекшиси ҳәм Пакистан Бас министри ерисилген келисимлер ҳаққында айрықша Протоколға қол қойды. Онда әмелге асырыў мүддетлери ҳәм еки мәмлекеттиң бул ушын жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары белгилеп алынды.

Сондай-ақ, жетекшилер жанында бир қатар инвестициялық ҳәм саўда-экономикалық келисимлерди алмасыў мәресими болды.

ӨзА