Суўды үнемлеўши технологиялардан пайдаланыў – дәўир талабы

16

Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министри Шавкат Ҳамраев Қоңырат районында көшпели қабыллаў өткерди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы суў хожалығы министри Б.Юсупов, район ҳәкими Б.Мадаминов, суў хожалығы жуўапкерлери, мелиорация, насос станциялары басқармаларының басшылары, фермерлер ҳәм басқа да суўдан пайдаланыўшылар қатнасты.

Ш.Хамраев дәслеп мәмлекетимиз суў хожалығы тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен тараўды буннан былай да жетилистириў мақсетинде қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққында мағлыўмат берди.

Атап айтқанда, усы жылдың 3-февраль күни Президентимиз жанында суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў ҳәм суўды үнемлейтуғын технологияларды кеңнен енгизиў бойынша өткерилген презентацияда бул бағдардағы жумыслардың көлемин буннан былай да кеңейтиў бойынша ислеп шығылған жаңа усыныслар көрип шығылғаны ҳәм белгиленген ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Соның ишинде, суўды үнемлейтуғын технологияларды сатып алыў ҳәм қурыў мақсетинде коммерциялық банклер тәрепинен ажыратылған кредитлер бойынша процентлердиң бир бөлегин қаплап бериў жолға қойылатуғыны, ғаўаша майданларында тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиў ушын кредит қаржылары ҳәр жылы ноябрь айынан баслап ажыратылатуғыны сыяқлы мәселелерди атап өтилди.

Буннан соң илаж ашық сәўбетлесиў тәризинде даўам еттирилип, суўдан пайдаланыўшылардың мүрәжатлары тыңланды.

Көшпели қабыллаў даўамында аймақтағы “Бабажанов Оралбай,” “Қашақ,” “Досмурат баба,” “Төрт қара сексен,” “Каримберген Алағайым”, “Нуратдин Нурсайт” ҳәм басқа да фермер хожалықларының басшылары суў хожалығы мәселелери бойынша өзлериниң мүрәжатлары менен шықты. Жәми оннан аслам мүрәжат етилген болса, барлығына министр тәрепинен ҳәр тәреплеме түсиниклер берилди ҳәм олардың көпшилиги өз орнында шешилди.

Қосымша үйрениў талап етилетуғын мүрәжатларды орнына шыққан ҳалда көрип шығыў бойынша Қоңырат районы “Суў жеткерип бериў хызмети” мәмлекетлик мәкемеси, Насос станциялары ҳәм энергетика басқармасы, “Сүўенли” ирригация системасы басқармасы басшыларына тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы суў хожалығы министри Б.Юсуповқа бүгинги көшпели қабыллаўда қабыл етилген мүрәжатларды айрықша қадағалаўға алыў ҳәм унамлы шешиў бойынша ўазыйпа жүкленди.

Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министриниң басқа да районларда  суўдан пайдаланыўшылар менен сәўбетлесиў өткериўи, әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыўы даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги