Саудия Арабстанында шөлдиң ортасында экстремаль парк ашылды

12

Саудия Арабстанында “Six Flags Qiddiya City” экстремаль аттракционлар парки рәсмий түрде иске түсти, деп хабар бермекте “Logos Press” басылымы.

Бес жәҳән рекордын жаңалаған бул парк мәмлекет пайтахты Ар-Риядтан 45 км узақлықта, шөлдиң ортасында жайласқан.

Ҳәзирше паркте жәми 28 аттракцион бар, кейин ала бул жерде киберспорт аренасы, стадион ҳәм аквапарк қурылысы да режелестирилген.

Атап өтилиўинше, жаңа парк Арқа Америкадан тысқарыда қурылған биринши “Six Flags” объекти болып есапланады. Кеўил ашар бағдың қурылысы 4 жыл даўам еткен. Комплекстиң майданы дерлик 32 гектар болып, онда ресторанлар ҳәм саўда орынлары бар. Паркке кириў ушын билет баҳасы шама менен 84,5 доллардан басланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги