Социаллық қоллап-қуўатлаў көлеми кеңеймекте: 715 мыңнан аслам пуқара напақа менен тәмийинленди

Мәмлекетимизде халықты социаллық қорғаў, мүтәж қатламларды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады.
Бул бағдарда әмелге асырылып атырған илажлар нәтийжесинде напақа ҳәм материаллық жәрдем алыўшылардың саны жылдан-жылға артып бармақта. Атап айтқанда, 2026-жыл 1-февраль жағдайына бола, социаллық напақа алыўшылардың саны 715 мың 849 ды қурады.
Бул көрсеткишлер халықтың түрли категориялары қамтып алынғанын көрсетеди. Соның ишинде, 167 мың 411 пуқараға майыплығы болған 18 жасқа шекемги балалар напақасы тайынланған болса, 313 мың 715 пуқара майыплық напақасын алып келмекте.
Буннан тысқары, 71 мың 479 пуқараға күтим напақасы, 94 мың 454 пуқараға жасқа байланыслы напақа, 58 мың 246 пуқараға бағыўшысын жойытқанлық напақасы тайынланған.
Айрықша итибарға ылайық тәреплерден және бири, басқалардың күтимине мүтәж болған жалғыз кекселер ҳәм жалғыз майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў болып табылады. Усы категорияға киретуғын 8 мың 918 пуқараға материаллық жәрдем көрсетилмекте. Сондай-ақ, 5 мың 317 пуқараға турақ жай коммуналлық хызметлер ҳақысын төлеў бойынша компенсация тайынланған.
1 мың 626 пуқараға шаңарақлық балалар үйи ҳәм патронат ушын төлемлер әмелге асырылмақта.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, усы жылдың январь айында жаңадан тайынланған напақа алыўшылардың саны 6 мың 225 ти қураған.
Жоқарыда келтирилген санлар елимизде социаллық қорғаў системасының избе-из раўажланып атырғаны, халықтың мүтәж қатламларына мәнзилли ҳәм нәтийжели жәрдем көрсетилип атырғанынан дәрек береди. Бул болса пуқаралардың турмыс сапасы ҳәм социаллық турақлылықты тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе.
Статистикалық мағлыўматлар Социаллық қорғаў миллий агентлиги баспасөз хызмети тәрепинен усынылды.
Муҳайё Тошқораева, ӨзА