“Миллий қәдириятлар атласы” – Өзбекстан миллий мийрасының заманагөй презентациясы

Өзбекстан Көркем өнер галереясында Республикалық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы тәрепинен таярланған “Миллий қәдириятлар атласы”ның презентациясы болып өтти.
Салтанатлы руўхта шөлкемлестирилген бул әнжуманға дөретиўши зыялылар, илимпазлар, мәнаўият үгит-нәсиятлаўшылары, жаслар мирәт етилди.
Республикалық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының басшысы Отабек Ҳасанов, Өзбекстан Сүўретлеў көркем өнери галереясының директоры, көркем өнертаныўшы илимпаз, академик Камола Ақилова, әдебияттаныўшы илимпаз Раҳмон Қўчқор, Өзбекстан Республикасы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитетиниң баслығы Қаҳрамон Сариев ҳәм басқалар руўхыйлыққа итибар Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы тийкарында жаңа Өзбекстанның тийкарын жаратыўдай жуўапкершиликли процессте тийкарғы әҳмийетке ийе болып атырғанын атап өтти.
Миллеттиң өз көриниси, менталитети, тәбиятын сақлап қалыўда оның дәстүрлери ҳәм қәдириятлары үлкен әҳмийетке ийе. Бүгинги оғада қыйын глобалласыў шараятында мәлимлеме алмасыўы жеделлесип, түрли мәдениятлар өз-ара жақынласып атырған бир ўақытта миллий өзликти қәстерлеп сақлаў, әзелий қәдириятлар менен дәстүрлерди сақлап қалыў ҳәм оларды келешек әўладқа жеткериў ҳәр тәреплеме әҳмийетли. Себеби, ҳәр бир халықтың тарийхы, руўхый дүньясы ҳәм турмыс тәризи әйне усы қәдириятлар арқалы көринеди.
Миллий дәстүрлерди умытпаў, оларды заман талапларына сәйкес ҳалда раўажландырыў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў жас әўладта ўатансүйиўшилик, миллий мақтаныш ҳәм өзликти аңлаў сезимлерин қәлиплестиреди. Сонлықтан, миллий мәдениятымыз, үрп-әдетлеримиз ҳәм руўхый мийрасымызды қәстерлеп сақлаў және дүнья көлеминде кеңнен үгит-нәсиятлаў бүгинги күнниң ең әҳмийетли ўазыйпаларынан есапланады.
Усы мақсетте Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында 2023-жыл 22-декабрь күни болып өткен Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң кеңейтилген мәжилисинде белгиленген ўазыйпадан келип шығып, “Миллий қәдириятлар атласы” китап-альбомы, арнаўлы веб-платформа ҳәм мобил қосымша жаратылды.
Жойбар шеңберинде 28 илимпаз, зыялылар ҳәм жоқары маманлықтағы қәнигелерден ибарат дөретиўшилик топар қәлиплестирилип, 8 бағдар – Жаңа Өзбекстанның миллий қәдириятлары, миллий-әдеп-икрамлылық қәдириятлар, үрп-әдетлер, мәресимлер, байрамлар, миллий ойынлар, миллий-тәбийғый ҳәм миллий-көркем қәдириятлар бойынша кең көлемли изертлеў жумыслары алып барылды.
Барлық аймақлардан жыйналған мағлыўматлар тийкарында өзбек, инглис ҳәм рус тиллеринде “Миллий қәдириятлар атласы” китап-альбомы басып шығарылды. Басылымды таярлаў процесинде 1,7 мыңнан аслам текст, 3 мыңнан аслам сүўрет, 300 ден аслам миллий қосық ҳәм 2 мыңға шамалас видео ҳәм аудио материаллар талланды.
Китапта Орайлық Азияда қәлиплескен жоқары илимий-мәдений орталық сәўлелендириледи. Әййемги түркий жазыўлар, халық аўызеки дөретиўшилиги үлгилери, сондай-ақ, алымлардың мийрасы миллий қәдириятлардың тийкарғы дереклери сыпатында талланады. Әмир Темур ҳәм темурийлер дәўиринде илим-пән, мәденият ҳәм ислам қәдириятларының раўажланыўы айрықша тән алынады.
Сондай-ақ, миллет ҳәм миллий қәдириятлар арасындағы өз-ара байланыслылық, олардың этникалық мәкан, тил, тарийхый яд ҳәм генофонд пенен тығыз байланыслылығы ашып бериледи. Өзбек халқына тән үрп-әдетлер, шаңарақ ҳәм жәмийеттеги әдеп-икрамлылық нормалары миллий қәдириятлардың әмелий көриниси сыпатында талқыланады.
Бул китап-альбом миллий қәдириятлардың тарийхый үзликсизлиги, мийрасхорлығы ҳәм бүгинги жәмийеттиң раўажланыўындағы әҳмийетин сәўлелендириўге хызмет етеди.
Сондай-ақ, усы материаллар тийкарында qadriyatim.uz электрон платформасы ҳәм оның мобиль қосымшасы ислеп шығылды. Платформа турақлы жаңаланып барылатуғын, сырт елли пайдаланыўшылар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар ушын миллий қәдириятлар, материаллық ҳәм материаллық емес мәдений мийрас ҳаққында бир неше шет тиллерде мағлыўмат беретуғын интерактив мәлимлеме базасы болып есапланады.
Бүгинги күнде “Миллий қәдириятлар атласы” китап-альбомы мәмлекетимиз бойлап жоқары билимлендириў мәкемелери, миллий мәденият орайлары ҳәм туристлик объектлерде кең жәмийетшиликке усынылмақта.
Соның менен бирге, усы жылы “Ўатанласлар” жәмийетлик фонды менен биргеликте китап-альбомды қосымша 1000 нусқада басып шығарыў, сырт елдеги ўатанласлар ҳәм диаспора ўәкиллериниң қатнасыўында елшиханаларда презентациялар өткериў, сондай-ақ, китап-альбомның өзбек, инглис ҳәм қытай тиллериндеги жаңа басылымларын таярлаў режелестирилген.
– Бул китап өзбек қәдирияты, миллийлигимизге байланыслы сораўларға қысқа ҳәм анық жуўап алыў мүмкин, – деди Өзбекстан Сүўретлеў көркем өнери галереясының директоры, көркем өнертаныўшы илимпаз, академик Камола Оқилова. – Бул китап жасларымыз ушын оғада әҳмийетли. Себеби, бүгинги қыйын глобалласыў дәўиринде олар кимлердиң әўлады екенин терең аңлаўына имканият береди.
Презентацияда “Миллий қәдириятлар атласы” китап-альбомы ҳаққында толық сөз етилди. Миллий ҳәм бийтәкирар қәдириятларымызды көрсететуғын музыкалы бағдарлама қатнасыўшылар итибарына усынылды.
Назокат Усмонова,
Ойбек Пардаев (суўретлер), ӨзА