Электр урысынан 70 миллион сумнан артық жеткерилген зыян өндирилди

Тәбийғый газ ҳәм электр энергиясына болған талаптың артыўы системада ашық-айдынлық талабын да қоймақта. Әсиресе, бунда тәмийнатшының усы дереклерди жеткерип бериўи ҳәм тутыныўшы оннан қаншелли ақылға уғрас пайдаланыўы турақлы қадағалаўда. Сол себепли, тутыныўшы тәрепинен қандай да бир нызамсыз жағдайлар жүз берсе, бүгин бул ҳаққында мағлыўматлар ашық-айдын айтылмақта.
Атап айтқанда, пуқара Ш.М. жасаў үйинде жасырын жоллар менен электр есаплағышқа тиккелей жалғанып, электр энергиясынан пайдаланып келгенлиги ақыбетинде “Аймақлық электр тармақлары” АЖ ға жәми 71,1 миллион сум зыян жеткергенлиги анықланды.
Жеткерилген зыянды “Аймақлық электр тармақлары” АЖ “Энергосаўда” Қарақалпақстан филиалы Төрткүл районлық бөлимине өндириў ҳаққында Жынаят ислери бойынша Төрткүл районлық суды тәрепинен ҳүким шығарылды.
Усы ҳүким тийкарында шығарылған орынлаў қағазы Мәжбүрий орынлаў бюросы Төрткүл районлық бөлиминиң ис жүргизиўине келип түскен ҳәм бөлим мәмлекетлик орынлаўшылары тәрепинен орынлаў ҳәрекетлерине кирисилген.
Атап айтқанда, қарыздардың Өзбекстан Республикасынан сыртқа шығыў ҳуқықына шеклеў қойылған.
Соның нәтийжесинде, қарыздар тәрепинен жеткерилген жынайый зыян сол күнниң өзинде төлеп берилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги