“Адолат” СДП жуўапкерлерге пуқаралардың жеке мағлыўматларының қәўипсизлиги бойынша сораў жиберди

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы “Адолат” СДП фракциясы Өзбекстан пуқараларының жеке мағлыўматлары “Darknet” ҳәм басқа да ашық интернет ресурсларына шығып кеткен болыўы мүмкинлиги ҳаққындағы хабарлар бойынша жуўапкер мәмлекетлик уйымларға депутатлық сораў жиберди.
Мәлим етилиўинше, партия депутаты Маҳмуд Валиев бул жағдай пуқаралардың ҳуқықый ҳәм финанслық қәўипсизлигине қәўип салып атырғанын инабатқа алған ҳалда Санлы технологиялар министри, Ишки ислер министри ҳәм Миллий статистика комитети баслығына тийисли сораўлар жоллаған.
Депутатлық сораўларда жеке мағлыўматлардың қорғалыў жағдайы, итималлы киберҳүжим себеплери, оператив-излеў жумыслары, сондай-ақ, келешекте бундай жағдайлар қайталанбаўы ушын көрилип атырған техникалық ҳәм шөлкемлестириўшилик илажлар бойынша мағлыўмат бериў соралған.
ӨзА