Жынаятлардың 74 процентиниң алдын алыў мүмкин еди

Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Ш.Аминов тәрепинен Әмиўдәрья районында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2026-жыл 5-январьдағы “Республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў бағдарында бирден-бир мәнзилли жумыс ислеў системасын енгизиўге қаратылған қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарарының орынланыўы бойынша исленген жумыслар сын көзқарастан додаланды.
Мәжилисте, районда жүз берген улыўма жынаятлардың 74 проценти алдын алыў мүмкин болған жынаятлар екени, шаңарақлық зорлықлардың кескин артып кеткени, оған себеп жуўапкерлер менен мәҳәлле жетилиги нәтийжели ҳәм биргеликте жумыс алып бармағаны кескин сынға алынды.
Жуўапкерлерге социаллық профилактика жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў, шаңарақлық-турмыслық қатнасықлар шеңберинде жынаятларды, шаңарақлық зорлықлардың алдын алыўдың кескин илажларын көриў, жынаятлардың себеп ҳәм факторларын анықлап, ўақтында сапластырыў, социаллық профилактика илажларын күшейтиў сыяқлы ўазыйпалар белгилеп берилди.
Буннан соң, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм шөлкемлер басшыларының түсиндириўлери ҳәм мәлимлемелери тыңланды және белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын нәтийжели тәмийинлеў бойынша тийисли көрсетпелер берилди.

Буннан соң, район прокуратурасында ҳуқық қорғаў уйымларының оператив хызметкерлериниң қатнасыўында Президентимиз тәрепинен усы жылы 27-январьдағы мәжилисте берилген тапсырмаларға бола, шөлкемлескен жынаятшылық, кибержынаятлар ҳәм жасырын экономиканы сапластырыў бағдарындағы кемшиликлер, синтетикалық-психотроп дәрилердиң нызамсыз айланысқа киргизилиўи менен байланыслы жағдайлар улыўма анықланбағанлығы, нәшебентлик затлардың нызамсыз айланысы менен байланыслы жағдайлар болса жүдә аз анықланғанлығы сынға алынды ҳәм тийисли бағдарлар бойынша жумысларды дурыс шөлкемлестириў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги