Өзбекстан – Қытай ГЭСлерди модернизациялаў бойынша халықаралық келисимге қол қойылды

Энергетика системасын модернизациялаў, әсиресе, гидроэнергетика тармағын раўажландырыў мәмлекеттиң турақлы экономикалық өсиўи ҳәм экологиялық таза энергия дереклерин кеңейтиўде үлкен әҳмийетке ийе.
Кейинги жылларда бар гидроэлектр станцияларын жаңалаў, олардың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм заманагөй технологияларды енгизиўге қаратылған ири жойбарлар избе-из әмелге асырылмақта. Бул процессте халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў, алдынғы тәжирийбе ҳәм инвестицияларды тартыў тийкарғы бағдарлардан бирине айланбақта.
Мине, усындай жумыслар шеңберинде “Өзбекгидроэнерго” АЖда гидроэнергетика тараўында әҳмийетли қәдем сыпатында ГЭСлерди модернизациялаў бойынша жаңа келисимлерге ерисилди.
Усы мүнәсибет пенен шөлкемлестирилген илажда “Өзбекгидроэнерго” АЖ ҳәм Қытайдың “Sinohydro Co., Ltd.” компаниясы арасында стратегиялық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған шәртнамаларға қол қойылды.
Өткерилген ашық-айдын тендер процесслериниң жуўмақларына бола, белгиленген барлық техникалық ҳәм сапа нормаларына толық жуўап берген, тараўда бай тәжирийбеге ийе болған Қытайдың “Sinohydro Co., Ltd.” компаниясы тендер жеңимпазы сыпатында тән алынды.
Усы келисимге тийкарланып Әндижан ўәлаятындағы Шахрихан ГЭСлер каскады – ГЭС-5А ҳәм ГЭС-6Аны модернизациялаў жойбары ЕРС шәртлери тийкарында әмелге асырылады. Жойбар таяр ҳалда тапсырыў принципине муўапық енгизиледи. Яғный, жойбар шеңберинде жойбарлаў жумыслары, қурылыс, технологиялық үскенелер ҳәм инвентарларды жеткерип бериў және объектлерди иске қосыў жумыслары толық әмелге асырылады.
Жәмийет мәлимлеме хызметиниң бас қәнигеси Хулкар Жўраеваның сөзлерине бола, бул жумыслар ГЭСлердиң өндирис қуўатлылығын ҳәм улыўма нәтийжелилигин сезилерли дәрежеде арттырыў, технология ҳәм басқарыў системаларын модернизациялаў ҳәм энергетика объектлериниң турақлылығын тәмийинлеў имканиятын жаратады.
– Соның ишинде, бул гидроэлектр станцияларының модернизацияланыўы нәтийжесинде әмелдеги улыўма 7,6 МВт қуўатлылық 16,4 МВт ға жеткерилип, қосымша 7,8 МВт қуўатлылық жаратылады ҳәм жылына қосымша 33 млн кВт.саат электр энергиясының ислеп шығарылыўына ерисиледи. Нәтийжеде жылына 13 мыңнан аслам шаңарақ электр энергиясы менен тәмийинленип, 11 миллион метр куб тәбийғый газ ҳәм 27,5 мың тоннадан аслам көмир үнемленеди. Бул жойбар еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў, Өзбекстан гидроэнергетика системасында инновациялық технологияларды кеңнен енгизиў ҳәм заманагөй халықаралық стандартларды енгизиўге хызмет етеди. Соның менен бирге, ГЭСлерди модернизациялаў арқалы регионаллық энергетика қәўипсизлигин беккемлеў, экологиялық таза энергия ислеп шығарыў ҳәм турақлы энергия тәмийнатын тәмийинлеў имканиятлары кеңейеди, – деп атап өтти Ҳ.Жўраева.
Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,
ӨзАның хабаршысы