Уллы мәмлекетлик ғайраткер ҳәм сәркарда, илим, мәденият ҳәм көркем өнер қәўендери саҳыбқыран Әмир Темур туўылған күниниң 690 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарары
Уллы мәмлекетлик ғайраткер ҳәм сәркарда, Екинши Ояныў дәўири – Темурийлер Ренессансының дөретиўшиси Әмир Темур миллий мәмлекетшилигимиз ҳәм жәҳән тарийхында шексиз орын ийелейди.
Тоталитар дүзим тәрепинен наҳақтан қаралап келинген бул уллы инсанның мүбәрек аты ҳәм естелиги ғәрезсизлик жылларында тарийхый әдиллик тийкарында қайта тикленди. Саҳыпқыран Әмир Темур тулғасы миллий мәмлекетшилигимиз тымсалына айланып, өзликти аңлаў, дәстүр ҳәм қәдириятларымызды тиклеў бағдарында халқымызға үлкен руўхый күш бағышлап келмекте.
Ташкент, Самарқанд, Шаҳрисабз қалаларында Әмир Темур естеликлери орнатылғаны, Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейи ҳәм Халықаралық Әмир Темур жәмийетлик фондының жумысы жолға қойылғаны, “Әмир Темур” ордениниң шөлкемлестирилгени, елимиздеги көплеген көше ҳәм қыябанларға уллы бабамыздың аты берилгенин айрықша атап өтиў зәрүр.
Мәмлекетимиз миллий раўажланыўдың жаңа басқышы – Үшинши Ренессансқа қәдем қойып атырған, турмысымыздың барлық тараўларында түпкиликли өзгерислер жүз берип атырған бүгинги күнде Саҳыпқыран Әмир Темурдың шахсын, уллы бабамыздың адамзат тарийхы ҳәм Туран цивилизациясындағы орнын және темурийлердиң бай ҳәм бийтәкирар мийрасын терең үйрениў, елимизде ҳәм сырт еллерде кеңнен ғалаба ен жайдырыў мақсетинде қарар етемен:
- Мақсет
- Усы қарардың тийкарғы мақсети уллы бабамыз тийкар салған Екинши Ояныў дәўириниң миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық мәниси, жас әўладты Жаңа Өзбекстан дөретиўшилери етип тәрбиялаў бағдарындағы үлкен орнын ҳәм тәсирин есапқа алып, бул бағдарда әмелге асырылып атырған шөлкемлестириўшилик-әмелий, илимий ҳәм руўхый-ағартыўшылық жумысларды жаңа сапа басқышына көтериў болып есапланады.
- Шөлкемлестириўшилик ҳәм әмелий илажлар
- Илимлер академиясы, Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Мәденият министрлиги, Қорғаныў министрлиги, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы ҳәм Халықаралық Әмир Темур жәмийетшилик фондының төмендеги усыныслары мақуллансын:
а) быйылғы жылы Саҳыпқыран Әмир Темур туўылған күниниң 690 жыллығын кеңнен белгилеў;
б) ҳәр жылы апрель айын “Әмир Темур айлығы” деп жәриялаў ҳәм оның шеңберинде улыўма билим бериў мектеплери, орта арнаўлы, кәсип-өнер ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери, әскерий бөлимлер ҳәм әскерий билимлендириў мәкемелери, кәрхана ҳәм шөлкемлер, мәҳәллелерде темуршы илимпазлар, жазыўшылар ҳәм көркем өнер шеберлериниң қатнасыўында ушырасыўлар, көркем-ағартыўшылық илажлар шөлкемлестириў.
- Темурийлер дәўири тарийхын системалы үйрениў ҳәм илимий нәтийжелерди кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша 2030-жылға шекем мөлшерленген “Жол картасы” 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын, онда төмендегилер нәзерде тутылады:
а) усы жыл 9-10-апрель күнлери Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайында “Әмир Темур ҳәм темурийлер цивилизациясының жәҳән тарийхы ҳәм мәдениятындағы орны ҳәм әҳмийети” темасында халықаралық илимий конференция өткериў;
б) Әмир Темур ҳәм темурийлер дәўири тарийхына байланыслы дүркин китаплар, илимий ҳәм илимий-ғалабалық шығармаларды таярлаў ҳәм басып шығарыў, соның ишинде:
(i) “Темур тузуклари” шығармасының илимий түсиндирме текстин парсы, араб, қытай, инглис, француз, испан ҳәм рус тиллеринде басып шығарыў;
(ii) “Темурийлер дәўириниң 100 сийрек ушырасатуғын қолжазбалары,” “Темурийлер дәўириниң 100 сийрек ушырасатуғын дүрданалары” китап-альбомларын жаратыў;
в) темурийлер дәўирине тийисли, сырт мәмлекетлерде сақланып атырған тийкарғы жазба дереклердиң нусқаларын Өзбекстанға алып келиў;
г) “Тири тарийх” жойбары тийкарында сүўретке алынған, Әмир Темур салтанатының Европа мәмлекетлери менен дипломатиялық ҳәм елшилик байланыслары сәўлелендирилген тарийхый-көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлерди Испания, Франция, Уллы Британия сыяқлы сырт еллерде көрсетиў;
д) Темурийлер дәўири дереклериниң электрон платформасын жаратыў.
- Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы Илимлер академиясы, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы ҳәм Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте 2026-жыл 1-марттан баслап Әмир Темур ҳәм темурийлердиң жәҳән цивилизациясының раўажланыўына қосқан үлесин кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде “Уллы темурийлер” атамасының халықаралық илимий терминологиясын енгизиўди тәмийинлеў ушын сырт еллерде «Уллы темурийлер тарийхы ҳәм мәдений мийрасы» темасында перезентациялар, медиа илаж ҳәм әнжуманлар өткерсин.
- Саҳыпқыран Әмир Темур туўылған күниниң 690 жыллығына бағышланған илажларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериў бойынша шөлкемлестириўши комитет (кейинги орынларда – Шөлкемлестириўши комитет) қурамы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Шөлкемлестириў комитети (А.Арипов):
а) Саҳыпқыран Әмир Темур туўылған күниниң 690 жыллығына бағышланған илажларды (кейинги орынларда – илажлар) өткериў бойынша жуўапкер мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын муўапықластырып барсын, шөлкемлестириў мәселелерин жеделлик пенен шешсин;
б) илажлар болып өтетуғын аймақларды абаданластырыў жумысларын, техникалық ҳәм телекоммуникация үскенелери менен тәмийинлесин;
в) Саҳыпқыран Әмир Темур туўылғанының 690 жыллығына бағышланған почта маркалары ҳәм конвертлер, календарьлар ҳәм көргизбели мәлимлеме қураллары сериясын жаратыў, естелик, гүмис ҳәм алтын юбилей теңгелердиң айланысқа шығарылыўын тәмийинлесин;
г) илажларда қатнасыўшы сырт елли мийманлардың Өзбекстанға келип кетиўи, оларға виза рәсмийлестирилиўи, транспорт ҳәм медициналық хызмет көрсетиў мәселелерин муўапықластырсын;
д) илажлар болып өтетуғын аймақларда объектлер ҳәм мийманхана фондының таярлығын тәмийинлесин.
- Ташкент қаласы ҳәкимлиги 2026-жылдың ақырына шекем Ташкент қаласы жергиликли бюджетиниң қосымша дереклери есабынан дүньядағы белгили музейлердиң ең алдынғы тәжирийбелерин қолланған ҳалда, Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейиниң имаратын реконструкциялаў, үскенелеў, санластырыў ҳәм жаңа экспозициясын жаратыў жумысларын әмелге асырсын.
III. Қарардың орынланыўын шөлкемлестириў, тәмийинлеў ҳәм қадағалаў
- Сыртқы ислер министрлиги Илимлер академиясының буйыртпасына тийкарланып илажларда қатнасатуғын сырт елли қатнасыўшылар ушын Өзбекстан Республикасына кириў визаларының консуллық ҳәм басқа да жыйымлар өндирилместен, зәрүр жағдайларда, И.Кәримов атындағы “Ташкент” халықаралық аэропортында белгиленген тәртипте рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, “Дунё” мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Журналистлер аўқамы, Өзбекстан Миллий медиа бирлеспесине илажларды ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
- Усы қарарда нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў тийисли министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлерге ажыратылған бюджет қаржылары, олардың бюджеттен тысқары қаржылары және нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дереклер есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2026-жыл, 5-февраль