Украина бойынша сөйлесиўлер: не мәселе қозғалды?

Абу-Дабиде Россия-Украина урысын жуўмақлаў бойынша үш тәреплеме сөйлесиўлердиң биринши күни жуўмақланды. Сөйлесиўлер бүгин де даўам етеди. Илаж жабық форматта өтпекте, деп хабар берди DW агентлиги.
Россия делегациясына адмирал Игорь Костюков басшылық етпекте. Украина делегациясына Миллий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў кеңесиниң хаткери Рустем Умеров басшылық етпекте. АҚШ тәрепинен болса сөйлесиўлерде президенттиң арнаўлы ўәкили Стив Уиткофф, Дональд Трамптың күйеў баласы Жаред Кушнер ҳәм АҚШ армиясы ўәкили Дэниел Дрисколл қатнаспақта.
Politico басылымының хабарына бола, сөйлесиўлердеги тийкарғы тема – аймақлық мәселе болып қалмақта. Сөйлесиўлерде тәреплер бир қатар мәселелер бойынша келисип алған, бирақ аймақлар мәселесинде бирдей қарарға келе алмаған. Биринши басқыштан соң АҚШ мәмлекетлик хаткери Марко Рубио Донбасс мәселеси елеге шекем шешилмеген бирден-бир мәселе екенин тастыйықлады.
Россия Украина әскерлерин Донбасстан алып шығыўды талап етпекте, Киев болса бул талапты бийкарламақта. Донбасс Украина аймағының бир бөлеги есапланады, бирақ ҳәзирги ўақытта оның айырым аймақлары Россия әскерлери қадағалаўы астында. Алдынырақ, Украина президенти Владимир Зеленский аймақлар мәселеси тек ғана Россия президенти Владимир Путин менен жеке ушырасыўда шешилиўи мүмкин екенин айтқан еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги