5-февральда тарийхта қандай әҳмийетли ўақыялар жүз берген?

5-февраль сәнеси дүнья тарийхында түрли сиясий, илимий ҳәм мәдений ўақыялар менен есте қалған. Бул күн айырым мәмлекетлерде әҳмийетли байрам сыпатында белгиленсе, тарийх бетлеринде де үлкен өзгерислерге себеп болған ўақыялар менен ажыралып турады.
Бәринен бурын, 5-февраль Пакистанда ҳәр жылы Кашмир бирлесиў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне мәмлекет тәрепинен Жамму ҳәм Кашмир халқы менен бирлесиўди көрсетиў, келиспеўшиликте қайтыс болғанларды еслеў мақсетинде өткериледи. Байрам биринши мәрте 1990-жылы усыныс етилген болып, ҳәр жылы түрли илажлар ҳәм көринислер менен еске алынады.
Финляндияда болса, бул сәне миллий шайыр Йохан Людвиг Рунеберг туўылған күни мүнәсибети менен “Рунеберг күни” сыпатында белгиленип, рәсмий байрақ көтерилетуғын күнлерден бири есапланады. Шайырдың “The Tales of Ensign Stal” шығармасы Финляндия гимниниң таңланыўына да тәсир көрсеткен.
Тарийхқа нәзер тасласақ, эрамыздан бурын 146-жылы әйне усы күни Рим
Республикасы узақ даўам еткен урыстан кейин Карфагенди жеңип, Жер Орта теңизи аймағында жетекши мәмлекетке айланған.
Сондай-ақ, бүгин илим ҳәм технология тараўында да бул сәне әҳмийетли есапланады. Атап айтқанда, 1909-жылдың 5-февралында бельгиялы химик Лео Бекеланд биринши жасалма пластмасса – бакелитти ашты. Бул ойлап табылыў кейин ала заманагөй пластмасса санаатының раўажланыўына тийкар жаратты.
Мәденият тарийхында болса, 1852-жылы Санкт-Петербургтағы белгили Эрмитаж музейи биринши мәрте жәмийетшилик ушын ашылған ҳәм бүгинги күни ол дүньядағы ең ири ҳәм әййемги музейлердиң бири болып есапланады.
Сондай-ақ, 1919-жыл 5-февраль күни кино тарийхында әҳмийетли бурылыс жүз берип, Чарли Чаплин менен биргеликте “United Artists” киностудиясы шөлкемлестирилди.
Және бир қызықлы фактлерден бири – 1869-жылы Австралияда салмағы 71 килограммнан аслам болған “Welcome Stranger” атлы ең үлкен алтын бөлеги табылған. Бул ҳәдийсе алтын қазып алыўға болған қызығыўшылықты және де күшейткен.
Усылар менен бирге, бүгинги күн белгили адамлардың туўылған сәнеси сыпатында да белгили. Соның ишинде, португалиялы футбол жулдызы Криштиану Роналду ҳәм бразиялиялы Неймар туўылған. Олар бүгин өзлериниң 41 ҳәм 34 жасын белгилемекте.
Жуўмақлап айтқанда, 5-февраль ҳәр қыйлы мәмлекетлерде түрлише мазмунға ийе болған. Бирақ, тарийх, илим, мәденият ҳәм спортқа байланыслы әҳмийетли ўақыяларға бай сәне есапланады. Бул күн адамзаттың раўажланыўына тәсир көрсеткен ашылыўлар ҳәм тарийхый қарарларды еске түсиреди.
Бийбисара Жартыбаева,
Бердақ атындағы ҚМУдың 2-курс магистранты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги