Фото ҳәм видео арқалы дизимге алынатуғын ҳуқықбузарлықлар дизими анық белгиленди

49

Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилди. Оған бола, арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видео жазыў техника қураллары арқалы дизимге алынатуғын ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлардың қатаң дизими белгиленди.

Мәлим етилиўинше, төмендегилер арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видео жазыў техника қураллары арқалы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар сыпатында рәсмийлестириледи:

  • қәўипсизлик ременин пайдаланыў қағыйдаларына әмел етпеў;
  • транспортты басқарыў ўақтында телефоннан пайдаланыў;
  • белгиленген ҳәрекет тезлигин саатына 20 километрден көп болмаған муғдарда асырып жибериў;
  • тоқтаў ямаса тоқтап турыў қағыйдаларын бузыўы ҳәм басқалар.

Сондай-ақ, бул ҳуқықбузарлықлар ушын жаза қолланыў мүддетлери де анық белгиленген.

Жол қағыйдалары бузылғанлығы фото ҳәм видео жазыў техника қураллары арқалы белгиленген жағдайда ҳәкимшилик жаза ҳуқықбузарлық исленген күннен баслап 1 айдан кешиктирмей қолланылады.

Ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў ҳаққындағы қарар үстинен шағым етилгенде болса ҳуқықбузарлық исленген күннен баслап 1 жылдан кешиктирмей қолланылыўы мүмкин болады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги