Қытай электрон есик тутқышларын орнатыўды қадаған етти (+видео)

Қытай электромобильлерде электрон басқарылатуғын есик тутқышларынан пайдаланыўды қадаған етти, деп хабар берди ВСС.
Бундай түрдеги услағышлар биринши мәрте Tesla автомобильлеринде қолланылған еди. Дүньядағы қадағалаў уйымлары электромобильлерди пуқта тексерип атыр. Оған бир қатар өлим менен жуўмақланған ҳәдийселер, соның ишинде, Қытайда электромобильлер қатнасыўында жүз берген еки жол-транспорт ҳәдийсеси себеп болған. Бул жағдайларда электр системасындағы насазлық есиклерди ашыўға кесент бергени болжанбақта.
Қытай ғалаба хабар қуралларының жазыўынша, жаңа қағыйдаларға бола, автомобильлердиң есиклерин иштен ҳәм сырттан механикалық усылда ашыў имканияты болған жағдайда ғана сатыўға руқсат бериледи.
Қытай Санаат ҳәм мәлимлеме технологиялары министрлиги тәрепинен дүйшемби күни жәрияланған жаңа талаплар 2027-жыл 1-январьдан күшке киреди. Жаңа талаплар тек ғана Қытайда сатылатуғын автомобильлерге тийисли болса да, аналитиклер бул жаңалық пүткил дүнья бойлап есик конструкциясын қайта көрип шығыўға түртки болыўы мүмкин, деп есаплайды. Себеби, Қытай халықаралық электромобиль базарында стандартлар белгилеўши мәмлекет сыпатында өзиниң абырайын барған сайын беккемлемекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги