Өзбекстан Президенти Алиев ҳәм Пашинянды “Инсаный дослық” сыйлығына миясар болғаны менен қутлықлады

23

Кеше, 4-февраль күни Бирлескен Араб Әмирликлери пайтахты Абу-Даби қаласында Шайх Зоид атындағы “Инсаный дослық” халықаралық сыйлығын тапсырыў мәресими болып өтти. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев сыйлықлаў мәресими қатнасыўшыларына видеомүрәжат жоллады.

Онда мәмлекетимиз басшысы сыйлыққа ерискен Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев ҳәм Армения Республикасы Бас министри Никол Пашинянды қутлықлады.

“Сиясий жетекшилердиң узақ даўам еткен келиспеўшиликти ақылға уғрас шешиў, тынышлыққа ерисиў жолындағы биргеликтеги ҳәрекетлери, әлбетте, бул абырайлы сыйлыққа мүнәсип болып есапланады.

Ерисилген келисим машқаланы шешиўге жуўапкершиликли қатнастың айқын үлгиси болып, кең регионымызда турақлылықты тәмийинлеў жолындағы тарийхый қәдем болды.

Бүгинги күнде тек ғана аўызбиршилик, бир-бирин қоллап-қуўатлаў ҳәм тығыз дослық арқалы халықларымыздың улыўма раўажланыўы ҳәм абаданлығын тәмийинлеў мүмкин”, деди Президентимиз мәресим қатнасыўшыларына мүрәжатында.

Шавкат Мирзиёев Өзбекстан ҳәр қандай келиспеўшилик ҳәм қарама-қарсылықларды тек ғана сиясий-дипломатиялық қураллар, халықаралық ҳуқық принциплери ҳәм жақсы қоңсышылық тийкарында шешиў тәрепдары екенин атап өтти.

Сондай-ақ, Бирлескен Араб Әмирликлери Басшылығының гуманитарлық басламаларды жедел алға қойыў, халықаралық майданда қарым-қатнас мәдениятын избе-из арттырыў бағдарындағы хызметлери айрықша атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги