Қарақалпақстанда оқ атыў спортын раўажландырыў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгиленди

21

Арқа-батыс әскерий округинде Қарақалпақстан Республикасында оқ атыў спортын раўажландырыў мәселелерине бағышланған мәжилис болып өтти.

Бул мәжилисте округ сәркардалығы, оқ атыў спорты федерациясының аймақлық ўәкиллери ҳәм тараў қәнигелери қатнасты.

Мәжилистиң тийкарғы мақсети Қарақалпақстан Республикасында оқ атыў спортының бүгинги жағдайын терең таллаў, бар машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша анық илажларды белгилеўден ибарат болды. Илаж даўамында бул бағдарда ҳәзирги күнге шекем әмелге асырылған жумыслар ҳәр тәреплеме додаланып, ерисилген нәтийжелер толық есап-санақ етилди.

Атап айтқанда, аймақларда спорт инфраструктурасын раўажландырыў, оқ атыў спорты ушын зәрүр болған материаллық-техникалық базаны беккемлеў, спортшылар ҳәм тренерлер ушын заманагөй шараятлар жаратыў бағдарында әмелге асырылған жумыслар бойынша жуўапкерлер мәлимлеме берди.

Сондай-ақ, тренерлердиң маманлығын арттырыў, алдынғы тәжирийбелерди енгизиў ҳәм спорт шынығыўларының сапасын жақсылаў мәселелери додалаў орайында болды.

Соның менен бирге, жумысшы топарға федерацияның шөлкемлестириўшилик структурасы, бөлимлердиң жумысы, финанслық тәмийнаты, материаллық-техникалық базасының жағдайы ҳәм улыўма нәтийжелилигин үйрениў ўазыйпалары жүкленди. Таллаў нәтийжелери тийкарында бар кемшиликлерди сапластырыў ҳәм жумысты буннан былай да жетилистириў бойынша анық усыныслар ислеп шығылатуғыны белгиленди.

Мәжилис шеңберинде федерацияның Нөкис қалалық бөлиминиң жумысы да айрықша көрип шығылды. Онда спортқа қызығатуғын жасларды кеңнен тартыў, қалалық, республикалық ҳәм халықаралық көлемдеги жарысларды турақлы шөлкемлестириў, спортшыларды материаллық ҳәм руўхый хошаметлеў системасын жетилистириў бойынша бир қатар әҳмийетли усыныслар билдирилди.

Мәжилис жуўмағында оқ атыў спортын және де ғалаба ен жайдырыў, жоқары спорт нәтийжелерине ерисиў, қәбилетли спортшылар резервин қәлиплестириў ҳәм Олимпиада спорт түрлерин раўажландырыў тийкарғы ўазыйпалардан бири етип белгиленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги