Қарақалпақстанда гигант самал электр станциялары қурылады

Халықтың, әсиресе, экономика тармақларының энергия ресурсларына болған талабын жақсылаў мақсетинде “ACWA POWER” компаниясы менен биргеликте Қоңырат, Қараөзек ҳәм Беруний районларында қуўатлылығы 7,2 мың мегаваттлық улыўма баҳасы 8 миллиард 600 миллион доллар болған гигант самал электр станциялары қурылмақта.
Өткен жылы усы компания тәрепинен әмелге асырылып атырған самал электр станциясын шөлкемлестириў жойбарының Қараөзек районы Қойбақ мәҳәллесинде Нөкис-1 проекти иске түсирилген еди. Улыўма баҳасы 107 миллион доллар қуўатлылығы 100 мегаваттлық жойбар шеңберинде ҳәр бириниң қуўатлылығы 6 ярым мегаватт болған 16 самал турбина генераторлары қурылыўы нәтийжесинде ҳәр жылы 350 миллион киловатт/саат электр энергиясы ислеп шығарылыўына имканият жаратылды. Орташа 100 миллион куб тәбийғый газ үнемленип, ҳаўаға 180 мың тонна карбонат ангидрид газы шығындыларының тарқалыўының алды алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги