Бангладештиң Өзбекстандағы елшиси менен ушырасыў

Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы З.Низомхўжаев Бангладеш Халық Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси М.М.Ислам менен ушырасыў өткерди. Бул ҳаққында Орайлық сайлаў комиссиясының баспасөз хызмети хабар берди.
Бангладеш Халық Республикасының Өзбекстандағы елшиханасының басламасы менен шөлкемлестирилген ушырасыў даўамында тәреплер сайлаўларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў тараўындағы еки тәреплеме бирге ислесиў мәселелерин, сондай-ақ, сайлаў уйымлары арасындағы келешектеги бирге ислесиў перспективаларын додалады.

З.Низомхўжаев Бангладеш Халық Республикасының Елшисине еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеўге болған қызығыўшылығы ушын миннетдаршылық билдирди. Сөйлесиў даўамында мийман тәрепке Комиссияның жумысы, мәмлекетимиздиң сайлаў системасы, сайлаў ҳәм референдумларды өткериў принциплери, сондай-ақ, сайлаў процесине заманагөй мәлимлеме технологияларын енгизиў бойынша толық мәлимлеме берилди. Сайлаўлардың ашық-айдынлығы ҳәм нызамлылығын тәмийинлеў мәселелерине және халықаралық бақлаў әмелиятына айрықша итибар қаратылды.
Елши М.М.Ислам сәўбетлесиў даўамында усы жылдың 12-февраль күни Бангладеште өткерилетуғын болажақ парламентлик сайлаўлар ҳәм референдум процесслери ҳаққында мағлыўмат берди. Елши мәмлекетлеримиз сайлаў уйымлары арасында тәжирийбе алмасыўдың әҳмийетли екенлигин атап өтти.

М.Комилова, ӨзА