Иордания Сенатының Баслығы Өзбекстандағы реформаларды жоқары баҳалады

Мәмлекетимизде болып турған Иордания Ҳошимийлер Патшалығы Сенатының (Мажлис ал-Аъян) Баслығы Файсал Акиф ал-Файаз басшылығындағы делегация Олий Мажлис Нызамшылық палатасына барды.
Сөйлесиў алдында Нызамшылық палатасының Спикери Нуриддин Исмоилов мийман тәрепке мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, Нызамшылық палатасының структуралық дүзилиси, оның нызам дөретиўшилиги ҳәм парламентлик қадағалаў бағдарындағы жумысы ҳаққында толық мағлыўмат берди.
Иордания парламенти делегациясының басшысы Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Өзбекстанда барлық тараўларда алып барылып атырған реформаларды жоқары баҳалады. Өткен жылы август айында Иордания Ҳошимийлер Патшалығының Патшасы Абдулла II ибн ал-Ҳусайнның Өзбекстанға мәмлекетлик сапары еллеримиз арасындағы байланысларды буннан былай да жеделлестириўге үлкен үлес қосқаны ҳәм еки тәреплеме бирге ислесиўде жаңа басқышты баслап бергенин айрықша атап өтти.
Ф.А.ал-Файаз парламентлераралық бирге ислесиўди беккемлеў жолларын додалаў имканиятынан қуўанышлы екенин билдирип, бундай ушырасыўлар тәжирийбе алмасыў, биргеликтеги басламаларды додалаў ҳәм барлық дәрежелерде конструктивлик сөйлесиўди жолға қойыў ушын әҳмийетли майдан болып хызмет ететуғынын атап өтти.
Сөйлесиў даўамында тәреплер парламентлераралық байланысларды беккемлеў, соның ишинде, еки мәмлекет парламентлери төменги палаталары ўәкиллериниң өз-ара сапарларын шөлкемлестириў ҳәм комитетлер арасындағы бирге ислесиўди күшейтиў бойынша келисип алды.
ӨзА