Терең қудықларда жумыс алып барыў ушын жаңа технологиялар қолланылады

12

Нефть-газ тармағын технологиялық жақтан модернизациялаў, терең қудықларда жумыс алып барыў имканиятларын кеңейтиў ҳәм өндирис процесслериниң нәтийжелилигин арттырыў әҳмийетли ўазыйпалардан болып есапланады.

Усы мақсетте “Өзбекнефтьгаз” акционерлик жәмийети тәрепинен халықаралық тәжирийбе ҳәм инновациялық шешимлерге ийе компаниялар менен бирге ислесиў байланыслары избе-из раўажландырылмақта.

Усы күнлерде “Өзбекнефтьгаз” АЖ басқармасы баслығы Абдугани Сангиновтың қатнасыўында қытайлы бирге ислесиўшилер менен бир қатар әҳмийетли ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер өткерилди.

Бул ҳаққында шөлкем мәлимлеме хызметиниң басшысы Мўмин Ибодов төмендегише хабар берди:

– Ҳәзирги күнлерде “Өзбекнефтьгаз” АЖ басқармасы баслығы Абдугани Сангинов басшылығындағы делегация Қытайда хызмет сапарында болып тур. Сапар етиў шеңберинде тәреплер арасында ҳәр тәреплеме әмелий әҳмийетке ийе болған ушырасыўлар шөлкемлестирилди. Оларда жәмийет системасында геология-излеў, бурғылаў ҳәм геофизика жумысларын жаңа сапа басқышына алып шығыўға қаратылған жойбарлар додалаў орайында болды.

Соның ишинде, халықаралық базарда үлкен тәжирийбеге ийе “CNLC” компаниясы менен болып өткен сөйлесиўде жоқары температура ҳәм басым шараятында жумыс ислеп атырған қудықларда геофизикалық изертлеўлер өткериў, сондай-ақ, перфорация хызметлерин әмелге асырыў мәселелери толық көрип шығылды. Тәреплер 230°C қа шекемги температура ҳәм 1400 атмосфераға шекемги басымда ислей алатуғын технологияларды енгизиў имканиятларын таллады.

Соның менен бирге, 7000 метрге шекем тереңликтеги қудықларда изертлеўлер алып барыў, жоқары температура ҳәм басымға бейимлескен заманагөй геофизикалық үскенелер комплекслерин жеткерип бериў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Сөйлесиўлер шеңберинде жумысшы-хызметкерлер ушын қәўипсиз ҳәм қолайлы мийнет шараятларын жаратыў мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, вахта усылында ислейтуғын хызметкерлерди тасыўда пайдаланыў ушын Қытайдың Шандун ўәлаятында жайласқан “Zhongtong Bus”,  Чженчжоу қаласындағы “YUTONG Bus” ҳәм Пекиндеги “FOTON” кәрханаларында ислеп шығарылып атырған автобуслардың техникалық имканиятлары үйренилди. “FOTON” компаниясы менен транспорт қуралларын жеткерип бериў бойынша өз алдына сөйлесиўлер өткерилди.

Соның менен бирге, “CNLC” қурамына киретуғын Қытай нефть инженерлиги ҳәм қурылыс корпорациясы менен ушырасыўда “Өзбекнефтьгаз” АЖның перспективалы жойбарларын әмелге асырыўда заманагөй инженерлик шешимлерге тийкарланған жойбар ҳүжжетлерин ислеп шығыўда бирге ислесиў ҳәм Ташкент қаласында илимий-изертлеў институтын шөлкемлестириў мәселелери бойынша өз-ара келисимлерге ерисилди.

Заманагөй бураўлаў үскенелерин сатып алыў бағдарында болса “SJ Petroleum Machinery” компаниясы менен өз алдына ушырасыў шөлкемлестирилди ҳәм техникалық бирге ислесиў перспективалары додаланды.

Ушырасыўлар жуўмағында басқарма баслығы Абдугани Сангинов әмелге асырылып атырған жойбарлар жәмийет жумысы ушын стратегиялық әҳмийетке ийе екенин атап өтип, барлық жумыслар алдынғы технологиялар, жоқары сапа стандартлары ҳәм белгиленген мүддетлер тийкарында орынланыўы керек екенлигин атап өтти.

Өткерилген сөйлесиўлер нефть-газ тараўында заманагөй технологияларды енгизиў, терең қудықларда жумыс алып барыў имканиятларын кеңейтиў ҳәм өндирис процесслериниң нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған әҳмийетли қәдем болды. Халықаралық тәжирийбе ҳәм алдынғы инженерлик шешимлерге тийкарланған бул бирге ислесиўлер “Өзбекнефтьгаз” АЖның перспективалы жойбарларын избе-из әмелге асырыў, илимий-изертлеў потенциалын раўажландырыў және тармақта турақлы ҳәм қәўипсиз жумыс орталығын тәмийинлеўге хызмет етеди. Бул болса миллий нефть-газ санаатының бәсекиге шыдамлылығын арттырыўда айрықша әҳмийетке ийе.

Насиба Зиёдуллаева, ӨзА