Иордания менен парламентлераралық байланысларды және де раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Иордания Ҳошимийлер Патшалығы Сенатының Баслығы Файсал Ақиф Мисқал ал-Фаяз басшылығындағы делегацияны қабыллады.
Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Иордания Патшасы Абдулла II ибн ал-Ҳусайнның қызғын сәлемин ҳәм тилеклерин жеткерди.

Өткен жылы Самарқандта жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан – Иордания кең көлемли шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери додаланды.
Еки тәреплеме байланыслар ҳәм алмасыўлар жедел түс алғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара саўда көлеми ҳәм қоспа кәрханалардың саны артып бармақта.

Парламентлерде шөлкемлестирилген “дослық топарлары” жумысын “жол картасы” тийкарында жеделлестириў, олардың мәмлекет басшылары арасында ерисилген келисимлердиң нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеўдеги ролин күшейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Саўда, санаат кооперациясы, туризм ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы өз-ара бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Атап айтқанда, усы жылы Ташкент қаласында болып өтетуғын Ҳүкиметлераралық комиссияның биринши мәжилиси ҳәм жетекши компаниялардың бизнес форумын нәтийжели өткериў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, әҳмийетли халықаралық ҳәм регионаллық мәселелер бойынша пикир алысылды.
ӨзА