Мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери сыйлықланды

Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен тараўда нәтийжели жумыс алып барып атырғанларды қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың мийнетин тән алыў мақсетинде 2023-жылдан баслап “Алғыс” атамасында жылдың ең белсенди мәденият хызметкерлерин сыйлықлаў мәресими өткерилип келинбекте.
Қарақалпақстан көркем өнер сарайында болып өткен гезектеги «Алғыс-2025» жылдың ең белсендилерин сыйлықлаў мәресиминде 19 номинация бойынша жеңимпазлар сыйлықланды.
Атап айтқанда, “Жасларды тәрбиялаўдағы белсендилиги ушын” номинациясы менен Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалы, “Мәдений илажларда белсене қатнасқанлығы ушын” Өзбекстанда хызмет көрсеткен артист Тўлқин Жабборов, “Жыл даўамында нәтийжели жумыс көрсеткен мәденият бөлими” номинациясы менен Төрткүл районы Мәденият бөлими, “Жыл режиссёри” номинациясы менен Икрам Абдикаликов, “Миллий атқарыў көркем өнерин раўажландырыўдағы белсендилиги ушын” жыраў Саламат Аяпов, “Жылдың ең үлгили балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби” номинациясы менен Елликқала районы 23-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби сыйлықланды.
Сондай-ақ, “Тараўдағы жаңалықлар ҳәм реформаларды ҒХҚда сәўлелендириўдеги белсендилиги ушын,” “Жылдың ең белсенди мәденият хызметкери,” “Жылдың ең белсенди сахна ҳәм экран технологиялары қәнигеси,” “Жылдың ең белсенди театр актёры,” “Балалар дөретиўшилигин раўажландырыўдағы хызметлери ушын,” “Жылдың ең белсенди балетмейстер,” “Жылдың ең белсенди аяқ ойыншысы,” “Жылдың ең жақсы мәдений жойбары,” “Жылдың ең белсенди қосықшысы” номинациялары бойынша да жеңимпазлар сыйлықланды.

Сыйлықларды өз ийелерине Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарикеев ҳәм Мәденият министри Б.Темирбаевлар тапсырды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги