Иордания Сенатының Баслығы Өзбекстанның палестиналыларға көрсетип атырған инсаныйлық жәрдемин жоқары баҳалады

Олий Мажлис Сенатына Иордания Ҳошимийлер Патшалығы парламенти Мажлис ал–Аъян (Сенаты) Баслығы Файсал Акиф ал–Файез басшылығындағы делегация келди.
Сенат Баслығы Танзила Норбоева менен ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Иордания арасында өз-ара пайдалы қатнасықлар, атап айтқанда, парламентлераралық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды.
Еки мәмлекет халықларын уқсас тарийх, мәдений байланыслар ҳәм уқсас қәдириятлар байланыстырып туратуғыны атап өтилди. Сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиў барған сайын кеңейип бармақта.

2025-жылы Иордания Патшасы Абдулла II ибн ал-Ҳусайнның Өзбекстанға дәслепки мәмлекетлик сапары еки тәреплеме қатнасықлар тарийхында жаңа басқышты баслап бергени айрықша атап өтилди. Бул сапар етиў шеңберинде қол қойылған ҳүжжетлер ҳәм қабыл етилген “жол картасы” избе-из әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.
Соның менен бирге, Мәжлис ал-Аъян Баслығы Файсал Акиф ал-Файез Өзбекстан жүзлеген палестиналыларға баспана бергени, оларға көрсетилип атырған социаллық қорғаў ҳәм гуманитарлық жәрдемди жоқары баҳалап, Жақын Шығыс мәмлекетлери атынан шын жүректен миннетдаршылық билдирди.
Ушырасыўда саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди жеделлестириў, ҳүкиметлераралық қоспа комиссияның жумысын жолға қойыў, исбилерменлер кеңесин шөлкемлестириў бойынша пикир алысылды. Еки мәмлекеттиң бар имканиятларынан пайдаланған ҳалда экономикалық жойбарларды кеңейтиў ҳәм қолайлы инвестициялық орталықты жаратыў әҳмиетли екенлиги айрықша атап өтилди.

Мәдений-гуманитарлық, билимлендириў, туризм ҳәм диний-ағартыўшылық бағдарларда, сондай-ақ, фармацевтика, аўыл хожалығы ҳәм кәншилик тараўларында бирге ислесиўди буннан былай да жеделлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Еки мәмлекет парламентлери арасындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, нызам дөретиўшилиги жумысы ҳәм парламентлик қадағалаў бойынша өз-ара тәжирийбе алмасыў мәселелерине итибар қаратылды.
Усы жылдың январь айында Олий Мажлис Сенатында Иордания парламентиниң жоқары палатасы менен бирге ислесиў бойынша парламентлераралық топар шөлкемлестирилгени атап өтилип, оның жумысы шеңберинде парламент комитетлери арасында да турақлы сөйлесиўди жолға қойыў әҳмиетли екенлиги атап өтилди.
Сөйлесиўлердиң жуўмағы бойынша Түсинисиў меморандумына қол қойылды. Бул ҳүжжет еки мәмлекет парламентлери жоқары палаталары арасында системалы бирге ислесиўди раўажландырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында Файсал Акиф ал-Файез Олий Мажлис Сенатының Ҳүрметли мийманлар китабына қолтаңба жазып қалдырды.
Н.Абдураимова,
ӨзАның хабаршысы