Мектеплер және қағаз күнделиклер ҳәм ески тәртиптеги журналларға қайта ма?

Социаллық тармақларда мектеплерде дәстүрий (қағаз) күнделиклер, класс журналлары енгизилип атырғаны ҳаққында тарқалып атырған хабарларға мүнәсибет билдирилди.
Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиздеги барлық улыўма билим бериў мектеплери оқыўшыларының қатнасыўы ҳәм пәнлерди өзлестириў баҳалары “e-maktab.uz” электрон журнал системасы арқалы әмелге асырылып келинбекте. Буннан гөзленген мақсет, оқытыўшылардың жумыс жүклемесин азайтыў, оқыў процесин шөлкемлестириўде заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиўден ибарат. Бул процесс халықаралық тәжирийбеде де өзин ақлаған.
Ата-аналар ушын “e-maktab.uz” платформасының бир календарь жыллық жазылыў баҳасы 5000 сумды қурайды және бул муғдар жылдан жылға азайып бармақта (2020-жылы 9200 сум болған).
Бул системаның енгизилиўи нәтийжесинде ата-аналардың өз перзентлериниң сабақларды өзлестириў дәрежесин аралықтан бақлаў имканияты жаратылып, оқыўшыларды баҳалаўда ашық-айдынлық тәмийинленип келинбекте. Сондай-ақ, педагоглардың жумысына байланыслы ҳәр қыйлы қағазпазлықлардың азайыўына ерисилди.
Атап өтилиўинше, мектеплерге дәстүрий күнделик ҳәм класс журналларына қайтыў бойынша көрсетпе берилмеген, елимизде әмелге асырылып атырған санластырыў процесслери артқа қайтпайтуғын түс алған.
Муҳайё Тошқораева, ӨзА